Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде «Жылдың ең үлгили басланғыш шөлкеми» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен басланғыш шөлкемлердиң жумысларын буннан былай да жетилистириўге қаратылып атырған итибар, бунда өткерилип атырған таңлаўдың әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, кәсиплик аўқамларының тийкары болған басланғыш шөлкемлердиң жумысларын  жетилистириўге қаратылып атырған илажлар бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Мүлкшилик формасына қарамастан барлық кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде басланғыш шөлкемлердиң болыўы, оларда жәмәәтлик шәртнамалардың дүзилиўи, олардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жылына кеминде бир мәрте есап берип барыўылын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Бул жумыслардың нәтийжелилигине ерисиўде ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилип киятырған «Жылдың ең үлгили басланғыш шөлкеми» таңлаўы үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бунда тараўларда жеңимпаз болған басланғыш шөлкемлер өзлери тәрепинен алып барылып атырған жумысларды сәўлелендириўши көргизбели қураллар, мультимедиа, баннерлер ҳәм видеороликлер менен қатнасты. Олардың арасынан жеңимпазлар анықланып, биринши, екинши, үшинши дәрежели диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги