Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлик субъектлери менен ашық пикирлесиў өткериўи бойынша орынларда шөлкемлестирилген оператив штабларға келип түскен машқалалар үйренилип, мүрәжатлар тыңланбақта.
Сырт еллерден нәсилли қарамаллар алып келип, оларды көбейтиў менен шуғылланып киятырған Нөкис районындағы «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығы ўәкиллериниң бажыхана жеңилликлерин сорап, оператив штабқа жоллаған мүрәжаты унамлы шешимин тапты. Ҳәзир бул жерде Дания, Франция, Түркия, Росиядан алып келинген 120 бас нәсилли қарамал күтимли бағылып, олар 600 ге шамалас басқа жеткерилди. Бүгинги күни фермер хожалығында 80 жас ҳәм ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген.
Фермер өз жумысын еле де кеңейтиў мақсетинде қарамаллар ушын азықлық таярлайтуғын заманагөй үскенелер, сүт өнимлерин қайта ислеўши технологиялардың сырт елден импортын әмелге асырды. Бул ушын исбилерменлик субъектине Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана төлемлеринен ҳәзирге шекем 1,2 миллиард сум муғдарындағы бажыхана жеңиллиги қолланылған ҳалда, тез пурсатларда рәсмийлестирилип берилди.
Усының нәтийжесинде фермер хожалығында күниге 6 тоннаға шекем сүт қайта исленип, оннан қатық, кефир, йогурт, творог, айран, басқа да сүт ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген цехтың жумысы жолға қойылды. Бүгинги күни цехта 25 жас ҳәм ҳаял-қыз мийнет етпекте.
Бажыхана төлемлеринен усынылып атырған жеңилликлерди қолланыўдың нәтийжеси, фермер хожалығының жумыслары менен жақыннан танысыў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды орнында үйренип, әмелий жәрдем бериў мақсетинде «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты хызметкерлери жақында «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығында болды.
-Елимизде исбилерменлик субъектлерине жаратылған шараят, соның ишинде, бажыхана төлемлеринен берилип атырған жеңилликлер жумысларымызды еле де кеңейтиў имканиятын бермекте,-дейди фермер хожалығының баслығы Есенбай Айтмуратов.-Бул жеңилликлерден нәтийжели пайдаланған ҳалда, келешекте өдиристи ҳәм жумыс орынларын және де кеңейтип, нәсилли қарамалларды өзимизде көбейтиўди жолға қоймақшымыз.
Исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған бундай қолайлы шараят ҳәм имканиятлар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў менен бирге, олардың бүгинги күннен разы болып жасап, ертеңги күнге болған исенимин арттыратуғынын атап өтиў орынлы. Бул бағдардағы кең көлемли жумыслар «исбилермен бай болса, халқымыз бай болады»,-деген ибратлы гәптиң әмелдеги көриниси болып табылады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы