Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги басқарма, бөлим ҳәм хызмет тараўы хызметкерлери арасында «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында таңлаў болып өтти.
Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланып өткерилген илаждың тийкарғы мақсети, өсип киятырған жас әўладтың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин қәлиплестириў, ана журтымыздың тәғдирине қатнас сезими менен суўғарылған мазмуны терең, көркемлик жақтан жетик қосықлар менен дөретиўшилик үлгилерин жаратыў, талантлыларды излеп табыў ҳәм оларды хошаметлеў болып табылады. Тынышлық сақшылары тәрепинен ғәрезсиз Ўатанымыз, ашық аспанымыз, бүгинги бахытлы ҳәм абадан турмысымыз, халқымыздың әсирлик әрманлары, келешекке болған үмитлери ҳәм беккем исенимин өзинде жәмлеген қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылып, өзлериниң талантын көрсетти. Олардың ҳәр бир шығыўы төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
Илаж соңында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник И.Ахмедов, министрдиң кеңейгөйи, запастағы полковник О.Турдақов қатнасыўшыларды қутлықлап, оларға диплом, ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғаларын тапсырды. Жеңимпазлар елимиз көлеминдеги басқышқа жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги