Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги мәжилисинде мәмлекетимизде коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў процесслерин жеделлестириў мәселеси додаланды.
Оған бола, 2021-жыл 10-августтан баслап улыўма аўқатланыў объектлери – ресторан, кафе, асхана ҳәм шайханалардың жумысшы ҳәм хызметкерлери (денсаўлығы бойынша қарсы көрсетпе болған хызметкерлер буған кирмейди) коронавирусқа қарсы вакцинаның (түрине қарамастан) кеминде 2 дозасы менен шаншылғаны ҳаққындағы сертификаты болған жағдайда, оларға саат 08:00 ден 20:00 ға шекем ҳәм тек ғана ашық ҳаўада жумыс алып барыўына байланыслы карантин шеклеўлери енгизилмейтуғыны белгиленди.
Онда улыўма аўқатланыў объектлерине коронавирусқа қарсы вакцина менен шаншылғаны ҳаққындағы 14-коды ямаса сертификаты бар болған келиўшилерди киргизиў усыныс етиледи (денсаўлығы бойынша қарсы көрсетпе болған хызметкерлер буған кирмейди).
Қарақалпақстан хабар агентлиги