Россияның Красноярск қаласында жасайтуғын биринши класс оқыўшысы Владимир Каменев Россия Президенти Владимир Путинге қаладағы экологиялық жағдай себепли видеомүрәжат жоллады. Баланың айтыўынша, оған усы машқала себепли көшеде сейил етиўге руқсат берилмеген. Бул ҳаққында ТВК телеканалы хабар берди.

Телеканал мағлыўматларына бола, баланың анасы түтин ҳәм патас ҳаўа себепли далаға шығыўды қадаған еткен. Бала не ислеўди сорағанда, анасы ҳәзил менен президент пенен байланысыўды усыныс еткен. Биринши класс оқыўшысы бул усынысты орынлы қабыллады ҳәм ата-анасынан видеоны жазып алыўға жәрдем бериўди сорады.

«Ҳүрметли Россия Федерациясы Президенти Владимир Владимирович Путин. Мен Красноярск қаласынан Каменев Владимир Денисовичпен. Сизден Красноярсктеги экологиялық жағдайды жеке өзиңиз қадағалаўыңызды сорайман. Бизде дем алыўға таза ҳаўа жоқ, биз жасаўды қәлеймиз. Биз көшеде ойнаўды қәлеймиз, бирақ аналарымыз руқсат бермейди ҳәм зыянлы деп айтады»,-деген бала.

Мағлыўматларға бола, Якутиядағы тоғай өртлериниң түтини Красноярскке де жетип келген ҳәм ҳаўа-райын қыйынластырмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги