Әмиўдәрья районындағы «Ақ алтын» аўыл пуқаралар жыйынында  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реимов ҳәм Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы А.Исмаиловлардың қатнасыўында көшпели қабыллаў ѳткерилди.

Оған аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы адамлар қатнасты.

Кѳшпели қабыллаўда аймақ турғынларыныӊ  машқаласы ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниң жаңа оқыў жылына таярлығы, мектеплерди инвентарлар менен тәмийинлениў мәселелери көрилди.

Сондай-ақ, мүрәжатшылардың мүрәжатлары усы жердиӊ ѳзинде үйренип шығылып, пуқаралардыӊ басқа да машқалалары бойынша берген сораўларына тийисли  ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги