Пайтахтымызда Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы сиясий кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.
Онда быйыл 24-октябрьде өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында партияның қатнасыўына байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Сайлаў кодексиниң 63-статьясы талапларынан келип шығып, «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентилигине көрсетилетуғын болажақ талабан ҳаққындағы мәселени көрип шығыў бойынша додалаўлар өткерилди.
Партиядан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилетуғын болажақ талабан бойынша тийисли мағлыўматларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс етиў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
«Адолат» СДП 2021-жылғы президентлик сайлаўларында партия басшысы Баҳром Абдуҳалимовтың кандидатурасын алға қояды.
Сайлаў кодексине муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясы партия тәрепинен усынылған ҳүжжетлерди 5 күнлик мүддетте көрип шығып, арза қанаатландырылған жағдайда сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине дизимге алынғанлық гүўалығын ҳәм белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланкаларын береди.
Нурилло Насриев,
ӨзАның хабаршысы