4Р-173 Қоңырат-Мойнақ районлар аралық автомобиль жолының оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалған бөлимлеринде ағымдағы оңлаў жумыслары алып барылмақта.

ҚР Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен республикалық әҳмийетке ийе усы автомобиль жолының 32-38-километри аралығында оңлаў жумыслары жүргизилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.