Орайлық сайлаў комссиясының видеоконференц байланыс тәризинде гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамхўжаев алып барды.
Мәжилис күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе – сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерин дизимге алыў.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 34-статьясында белгиленгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар, Нызамшылық палатасының депутатлығына талабанлар, жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына талабанлар көрсеткен сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, имза қағазлары дурыс толтырылғанын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ушын ўәкилликли ўәкил тайынлаўға ҳақылы.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 11-сентябрьдеги тийисли қарары менен Сиясий партияның ўәкилликли ўәкили ҳаққында реже тастыйықланған.
Усы Режеге муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, имза қағазлары дурыс толтырылғанын тексериўде қатнасыў ушын сиясий партия жоқары уйымының басшысы сайлаў кампаниясының басланғанын рәсмий жәрияланған күннен баслап бес күнлик мүддетте өз ўәкилликли ўәкилин тайынлайды ҳәм оны дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына тийисли ҳүжжетлерди усынады.
Орайлық сайлаў комиссиясы, өз гезегинде, сиясий партия тәрепинен усынылған ўәкилликли ўәкил талабанына тийисли ҳүжжетлерди көрип шығып, үш күнлик мүддетте оны дизимге алады ҳәм оған белгиленген түрде мандат береди.
2021-жыл 23-июль күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясының басланыўын жәриялаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Буннан кейин мәмлекетимиздиң сиясий майданында жумыс алып барып атырған бес сиясий партияның басшылары өз ўәкилликли ўәкиллерин тайынлап, оларды дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына мүрәжат етти ҳәм тийисли ҳүжжетлерди усынды.
Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған сиясий партиялар өз ўәкилликли ўәкиллерин тайынлағаны ҳаққындағы мағлыўматларды Орайлық сайлаў комиссиясына өз ўақтында, Сайлаў кодекси ҳәм басқа да ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерде белгиленген тәртипте усынды, – дейди Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев.
Орайлық сайлаў комиссиясы Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-Демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясының басшылары усынған ўәкилликли ўәкиллерге тийисли ҳүжжетлерди көрип шығып, ўәкилликли ўәкиллерди дизимге алыў және оларға белгиленген түрдеги гүўалық (мандат)ты бериў ҳаққында қарар қабыл етти.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Бахтиёр Якубов, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Баҳодиржон Маматхонов, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Абдукамол Раҳмонов, Өзбекстан Экологиялық партиясынан Саидрасул Сангинов, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Улуғбек Вафоев ўәкилликли ўәкил сыпатында дизимге алынды.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерине олардың дизимге алынғаны ҳаққында гүўалықлар (мандат) тапсырылды.
Усы ўәкилликли ўәкиллер сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, имза қағазлары дурыс толтырылғанын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасады.
Нызамшылыққа бола, сиясий партия ўәкилликли ўәкилиниң ўәкиллик мүддети сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мәлимлеме баспасөзде жәрияланған күннен баслап тамамланған болып есапланады.
Усы институттың сайлаў кампаниясы дәўиринде жедел жумыс алып барыўы сайлаўлардың ашық-айдынлығы, әдиллиги ҳәм нызамлы екенлигин тәмийинлеўге ҳәм сайлаў комиссияларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўға хызмет етеди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы