Президент Шавкат Мирзиёев 29-июль күни Алмалық кәнметаллургия комбинаты кәнлери негизинде реңли ҳәм баҳалы металлар ислеп шығарыўды кеңейтиў бағдарындағы жумыслар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Жаслық-1» кәнин барып көрди.

Алмалық кән-металлургия комбинаты ашық ҳәм жер асты кәнлери, металлургия ҳәм цемент заводлары, кең көлемли инфраструктура объектлерин бирлестирген үлкен санаат объекти болып есапланады. Мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған санаат өниминиң 7 проценти, экспорт көлеминиң  15 проценти усы комбинаттың үлесине туўра келеди. Кейинги жыллардағы итибар нәтийжесинде жаңа кәнлер табылып, өндирис көлеми және де арттырылмақта.

«Жаслық-1» кәнин өзлестириў инвестициялық жойбары усылардан бири. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-марттағы қарарына муўапық басланған бул жойбардың баҳасы 4 миллиард 894 миллион доллар.

Мәмлекетимиз басшысына кәнниң потенциалы, оны өзлестириў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Аймағы 11 гектар болған усы кәннен жылына 65 миллион тонна руда қазып алынады. 60 миллион тонна мыс-молибден рудасын қайта ислеў қуўатлылығына ийе 3-мыс байытыў фабрикасы қурылады. Сондай-ақ, ҳәк заводы, 650 мегаваттлы электр тармағы ҳәм басқа да инфраструктура объектлери қурылады.

Жойбар шеңберинде өткен төрт жылда заманагөй геологиялық изертлеўлер, кәнде 83 миллион куб метрден аслам көлемдеги қазыў жумыслары орынланған. Буның ушын улыўма баҳасы 415 миллион доллар болған 570 тен аслам арнаўлы техника тартылған.

Бул үлкен жойбар 2024-жылы иске қосылыўы, улыўма 6 мың жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасы қурылысының басланыўына бағышланған мәресим болып өтти.

– Ҳәммеңизди бүгинги қуўанышлы ўақыя-Алмалық кән-металлургия комбинатының жаңа мыс байытыў фабрикасының қурылысы басланып атырғаны менен шын жүрегимнен қутлықлайман, – деди Президент Шавкат Мирзиёев. – Ўатанымыз Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдында жақсы нийетлер менен мине усындай үлкен жойбарды әмелге асырыўға кириспектемиз. Бул әҳмийетли ўақыя тек комбинат турмысында емес, ал мәмлекетимиз санаатының тарийхында жаңа дәўир басланып атырғанынан айқын дәрек береди.

Кейинги жылларда комбинаттың жумысы жоқары дәрежеге көтерилип, мыс ислеп шығарыў көлеми 1,5 есеге көбейгени ҳәм 150 мың тоннаға жеткерилгенлиги атап өтилди.

Өткен үш жыл ишинде комбинат кәнлеринде улыўма узынлығы 206 мың метр болған 475 қудық бураўланған. Халықаралық көлемде тән алынған сырт ел лабораторияларында бул кәнлер рудасының 100 мыңнан аслам үлгилери химиялық таллаўлар тийкарында терең үйренилген. Халықаралық баҳалаў нормаларына бола, бул жерде мыстың жалпы резерви 45 миллион тоннаны, алтын резерви болса 5 тоннадан асламды қурайтуғыны анықланған. Бул дүнья көлеминде де ең ири ҳәм айрықша көрсеткишлер болып есапланады.

Сондай-ақ, бул жерде қазып алынып атырған руда қурамында гүмис, молибден, селен, теллур, рений ҳәм басқа да сийрек ушырасатуғын металлардың бар екенлиги да анықланған.

Бүгин дүньяда «жасыл экономика», қайта тикленетуғын энергия дәреклерине итибар күн сайын артып бармақта, электр техникасының санааты жедел раўажланбақта. Буның нәтийжесинде 2030-жылға барып мыс өнимлерине болған талап кеминде 40 процентке артыўы күтилмекте. Бул Алмалық комбинаты өнимлерине халықаралық талап узақ жыллар даўамында жоқары болады, дегени болып есапланады.

Сонлықтан мәмлекетимизде реңли ҳәм баҳалы металлар ислеп шығарыўды кеңейтиўге үлкен итибар қаратылмақта.

«Жаслық-1» кәни негизинде қурылып атырған 3-мыс байытыў фабрикасы усы бағдардағы үлкен қәдемлерден бири болып табылады. Баҳасы 2 миллиард доллар болған бул кәрхана биринши басқышта жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў имканиятын береди.

Екинши басқышта қуўатлылығы 160 миллион тоннаға жетеди. Ямаса бүгинги көрсеткиштен 3 есеге көбейеди. Бул еки басқыш әмелге асырылыўы нәтийжесинде кәрхана 2028-жылға барып жылына 400 тонна мыс, 50 тонна алтын ҳәм 270 тонна гүмис ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады.

Солай етип Алмалық комбинаты таў-кән металлургиясы тараўында дүньядағы ең ири санаат комплекслеринен бирине айланады.

– Келешекте комбинат ислеп шығаратуғын өнимлердиң көлеми 3 мәртеден аслам көбейип, оның баҳасы ҳәзирги 2,5 миллиард доллардан дерлик 8 миллиард долларға жетеди. 11 мың жаңа, жоқары технологиялық жумысшы орынлары жаратылады.

Бул болса жас ул-қызларымыз ушын геолог, инженер, технолог, программист ҳәм басқа да заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеў имканиятын береди.

Бул уллы режелер-шын мәнисинде революциялық қәдем, десек, дурыс болады, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы реңли металлар санаатын раўажландырыўға қаратылған режелерге де тоқтап өтти.

Келеси жылдан геология-излеў жумысларында толық халықаралық JORC стандартларына өтиледи. Жақын 5 жылда барлық жойбарлар есабынан руда қазып алыў ҳәм қайта ислеў көлеми мәмлекетимиз бойынша жыллық 130 миллион тоннадан 300 миллион тоннаға артады.

Ҳәзирги күнде елимизде кәнлерди геологиялық жақтан үйрениў ҳәм өзлестириў бойынша Канада, Франция, Япония, Түркия, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиң компаниялары жумыс алып бармақта.

Президентимиз сырт елли инвесторлар ушын имканиятлар және де кеңейтилетуғынын атап өтти.

Атап айтқанда, мыс ҳәм алтын бойынша қазылма байлықларға салық ставкаларын 10 проценттен 7 процентке, тәбийғый газ ҳәм нефть бойынша 10 процентке, уран бойынша 8 процентке, вольфрам бойынша 10 проценттен 2,7 процентке түсириў режелестирилген. Бундай жеңилликлер инвесторларда, әлбетте, үлкен қызығыўшылық оятады.

Сондай-ақ, тараўды маман кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде Ташкентте геология илимлери бойынша Италияның Пиза университетиниң филиалы ашылады.

– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Президенти Владимир Путинниң қарарын әмелге асырыў мақсетинде «Газпромбанк» жаңа Өзбекстанды қәлиплестириў бағдарламасын белсене қоллап-қуўатламақта. Ҳәзирги күнге келип, «Газпромбанк» тәрепинен Өзбекстан кәрханалары ҳәм банклерине ажыратылған қаржылар дерлик 2 миллиард долларды қурайды. Биз қаржыландырыўға таяр болған келеси жойбарлардың портфелинде бул қаржылар дерлик 5 миллиард АҚШ долларына тең. Бул қаржылардың тийкарғы бөлеги Алмалық кән-металлургия комбинатының инвестициялық жойбарларына бағдарланады. Бул жойбар мәмлекетлеримиздиң нәтийжели, өз-ара пайдалы ҳәм тең шериклигиниң және бир айқын дәлили болып есапланады, – деди «Газпромбанк» басқармасы баслығының орынбасары Алексей Матвеев.

– Компаниямыз дүньяның түрли мәмлекетлеринде жумыс алып барады. Ашығын тән алып айтыўым керек, еле ҳеш қандай мәмлекетте бундай көлемдеги ҳәм минералларға бай жерлер ашылмаған, – деди «SRK Consulting» компаниясының Орайлық Азия бойынша директоры Майк Бир. – Ҳәзирги күнде электр техникасы санааты жедел раўажланбақта, жәҳән базарында мысқа болған мүтәжлик және де күшейетуғынлығы тәбийғый. Сонлықтан Өзбекстанның мыс ислеп шығарыў бойынша узақты гөзлеген басламасы ҳүрметке ылайық. Бул кәнде 19,9 миллиард тоннаға тең руда бар. Буннан тысқары, үлкен муғдарда мыс ҳәм алтын резервлери бар. Мен Өзбекстан халқын дүньядағы ең ири мыс ҳәм алтын кәнинде бул жаңа жойбар иске қосылып атырғаны менен қутлықлайман.

Президент Шавкат Мирзиёев 3-мыс байытыў фабрикасының қурылысына тырнақ тасын қойды.

Мәресимде шығып сөйлеген геолог ҳәм металлурглар, нуранийлар кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жедел өзгерислер ҳәм кән-металлургия санаатында ерисилип атырған жетискенликлерде өз көринисин таўып атырғанын атап өтти. Соның ишинде, Алмалық ҳәм Наўайы кән-металлургия комбинатларының техникалық ҳәм технологиялық, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардағы жетискенликлери мәмлекетимиздиң әмелий жәрдеми менен тығыз байланыслы екени атап өтилди. 2017-жылы Президентимиздиң басламасы менен «Жаслық» кәнинде басланған үлкен жумыслар бул аймақтағы сийрек ушырасатуғын байлықларды өзлестириў ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етип атырғанын айтып, мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Алмалық кән-металлургия комбинатының 3-мыс байытыў фабрикасының қурылысшылары ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Кәрханаға жақын жерде 3 мың адамға мөлшерленген жатақ комплекси қурылған. Жумысшылардың жасаўы, дем алыўы, спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Президент бул жерде жатақ орынларын көбейтиў, бундай ықшам, көркем комплекслерди басқа заводларда да шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.

Мәмлекетимиз басшысы Алмалық қаласындағы «Jurabek laboratories» биргеликтеги кәрханасының жумысын көзден өткерди.

Кәрхана 48 миллион флакон инфузиялық еритпелер, 480 миллион дана ампула, 60 миллион дана қурғақ антибиотиклер, 20 миллион дана лиофилизацияланған дәри түрлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Бул жерде GLP лабораториясы бар, халықаралық GMP стандарты енгизилген.

Кәрхана тәрепинен 300 түрден аслам дәри-дәрмақлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген. 15 тен аслам сырт мәмлекетлерге экспорт етилмекте.

Бүгинги пандемия дәўиринде оғада әҳмийетли болған ремдесивир, фавипиравир, гепарин, эноксапарин сыяқлы дәрилер де ислеп шығарылмақта.

Биотехнологиялар тараўында моноклониал антиденешелер түриндеги дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў бойынша 30 миллион долларлық жаңа жойбарға киргизилген.

Кәрханада коронавирусқа қарсы вакцина ислеп шығарыў мөлшерленбекте.

 

ӨзА