30-июль – Халықлар дослығы күни
Быйыл Ɵзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигине 30 жыл толмақта. Әйне пайытта жаңа Ɵзбекстанда еркин ҳәм абадан жасап атырған гүллән халқымыз усы ең уллы ҳәм ең әзиз сәнени үлкен табыслар қушағында күтип алыў алдында. Жаңа Ɵзбекстан! деп пикир жүргизиўимиз де тосыннан емес, әлбетте. Соңғы бес жылдың ишинде Жанажан Ɵзбекстанымызда бир неше он жыллықларға татыйтуғын, бурын мисли кɵрилмеген түпкиликли ɵзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз берди. Ɵткен қысқа ўақыт ишинде халқымыздың еркин ҳәм абадан жасаўы ушын барлық тараўларда кɵлемли реформалар алып барылып, нәтийжели даўам етпекте.
Әлбетте, миймандос ҳәм кеңпейил Ɵзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин беккемлеў, ғәрезсизлик жылларында ерисилген табыслар менен жетискенликлерде Республикамызда жасап атырған кɵп санлы миллет ўәкиллериниң үлеси шексиз.
30-июль – Халықаралық дослық күни. Бул сәне 2011-жыл 3-майда БМШ Бас ассемблеясы тәрепинен жәрияланған болып, усы мәселе бойынша резолюцияда «халықлар, мәмлекетлер, мәдениятлар ҳәм адамлар арасындағы дослықты, тынышлықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерге илҳам бериўши және мәдений кɵптүрлиликти ҳүрмет ететуғын жәмийетлер арасында кɵпир орнатыў имканиятын жаратыўы мүмкин», делинген.
Президентимиздиң усы жыл 3-февраль күнги «2017-2021-жылларда Ɵзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-6155-санлы Пәрманы менен 30-июль – халықаралық дослық күнин елимизде «Халықлар дослығы күни» сыпатында белгилеў ўазыйпасы алға қойылды. Сондай-ақ, 2021-жылдың 10-февралында Ɵзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының «Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.
Ɵзбекстан Республикасында 130 дан алсам миллет ўәкиллери болып, олар тыныш ҳәм татыў турмыста жасап, елимиздиң барлық тараўларында теңдей ҳуқықларда, ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етип, Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўына ҳәм оның ғәрезсизлигин беккемлеўге, республикамыздың халықаралық майдандағы абыройын артырыўда мүнәсип үлес қосып келмекте.
Ҳәзирги күнде Ɵзбекстан Республикасы бойынша 150 мәдений орайлар жумыс алып барып атырған болса, Қарақалпақстанда Рус, Украин, Қазақ ҳәм Түркмен миллий мәдений орайлары және Кореислер ассоциациясының жумысы жолға қойылған. Соның менен бирге, республика аймағында белорус, әзербайжан, қырғыз, тәжик, татар ҳәм басқа да миллет ўәкиллери де бир шаңарақтың перзентлериндей аўызбиршиликте жасамақта.
Қарақалпақстан миллий телерадиокомпаниясында елимиздеги халықлар дослығын ҳәм миллетлераралық татыўлықты сәўлелендириўге үлкен итибар қаратылған болып, теле ҳәм радиоканаллар бағдарламаларынан турақлы орын алған «Ɵзбекстан-улыўма үйимиз» атамасындағы кɵрсетиў ҳәм еситтириўлер елимизде жасап, мийнет етип атырған миллет ҳәм халықлардың турмысынан сɵз етеди. Сондай-ақ, усы бағдардағы материаллар баспасɵз бетлери менен рәсмий, жаңалықлар сайтлары ҳәм социаллық тармақларда да кеңнен жарытылып келинбекте.
Усы жерде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға дәслепки сапары ўақтында тилге алған қарақалпақ тилиндеги «Аўызбиршилик» сɵзиниң терең мазмун-мәниске ийе екенин ҳәм елимизде халықлар дослығын, миллетлераралық татыўлықты сақлаўда усы сɵздиң әҳмийетли орын тутатуғынын атап ɵтиў орынлы.
«Ҳәр бир халықтың өзиншелиги неден ибарат? Ол тек ғана өзине тән пикирлеў тәризи ҳәм әтираптағы нәрселерге мүнәсибетинде, дининде, тилинде, әсиресе, салт-дәстүр ҳәм үрп-әдетлеринде сәўлеленеди. Бул шараятлар оғада әҳмийетли ҳәм үйлесикли және бир-бири менен тығыз байланыслы болады. Ҳәр бир халықтың әне, усы өзгешеликлериниң арасында салт-дәстүр ҳәм үрп-әдетлер үлкен әҳмийетке ийе. Олар халықтың дерлик ең характерли пазыйлетлерин сәўлелендиреди», деген еди белгили дɵретиўшилерден бири.
Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қараў, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша дыққат бɵлинип келинбекте.
«Миллетлералық қатнасықлар тараўында Ɵзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети», «Миллетлераралық аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик – раўажланыў факторы» темаларында ɵткерилип киятырған илажларда бул мәселелер ɵз сәўлелениўин таппақта.
Сондай-ақ, бул бағдарда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң республикада жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайларлар менен тығыз бирге ислесип атырғанын да атап ɵтиў тийис. Неге дегенде, соңғы ўақытларда Орай тәрепинен ɵткерилип атырған ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық илажларда халықлар дослығына айрықша итибар қаратылып, елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери байрам илажларының тыйкарғы қатнасыўшылары қатарынан орын алып атырғаны бәршемизге белгили.
Мәселен, усы жылдың 28-июнь ҳәм 2-июль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасында ɵткерилген «Мәнаўият фестивалы»н атап ɵтиўимиз орынлы.
Сондай-ақ, әйне пайытта сәне мүнәсибети менен Орайдың Қарақалпақстан бɵлими тәрепинен Нɵкис қаласы ҳәм барлық районларда жасап, жәмийетимиздиң түрли тараўларында жемисли мийнет етип атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери менен ушырасыўлар, руўхый-ағартыўшылық илажлары алып барылмақта.
Ɵзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың:
«Суўымды сағалас еткен,
Елимди аралас еткен,
Түркменге намалас еткен,
Қардашы кѳп туўысқанлық.
Қазақларға тай сойғызған,
Қырғызларға қой сойдырған,
Υй тиктирип, бас қойғызған,
Туўысқанлық, туўысқанлық», – деп атап ɵткениндей ɵзбек ҳәм қарақалпақ халықлары әзелден туўысқаншыл, миллетлераралық дослықты сүйетуғын халық, десем асыра айтпаған боламан.
Жуўмақлап айтқанда, биз кɵп миллетли ҳәм кеңпейил Ɵзбекстан Республикасында жасар екенбиз, оның гүллеп-жаснаўы ушын аўызбиршиликли түрде дɵретиўшилик жумысларымызды даўам еттиремиз.
Т.Атамуратов,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң баслығы
Фото-сүўретлер авторы: М.Ҳабибуллаев
Қарақалпақстан хабар агентлиги