Пайтахтымызда Өзбекстан Респбуликасында БМШтың Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының күшке кириўине бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, ҳүкимет ағзалары, орайлық уйымлардың басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус, пуқаралық жәмийети институты ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкилиниң орынбасары Дойна Мунтяну модераторлық етти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, сыртқы ислер министриниң орынбасары Ғайрат Фозилов, Медицианлық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги директорының биринши орынбасары Баҳодир Каримов, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасының Орайлық Азия ушын регионаллық бөлиминиң басшысы Ришард Коменда, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы Жойбарларының муўапықластырыўшысы – елши, доктор Пьер фон Аркс ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Әнжуманда атап өтилгениндей, кейинги бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының жоқары минберинен турып алға қойған миллий, регионаллық ҳәм халықаралық басламалары кең жәмийетшилигимиз және жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте. Бундай унамлы мүнәсибет Өзбекстанның мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген миллий раўажланыў жолынан турақлы, анық қәдем таслап атырғанын тастыйықлаўы менен бирге мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орны ҳәм абыройы барған сайын беккемленип атырғанына және бир айқын дәлил болып есапланады.

Бул әнжуман Өзбекстан Президенти тәрепинен 2021-жыл 22-февраль күни БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сесиясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойған және бир баслама әмелге асырылғаны мүнәсибети менен шөлкемлестирилди. Бул жерде сөз 2021-жылы «Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны (Нью-Йорк, 2006-жыл 13-декабрь)ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан республикасы нызамы қабыл етилгени ҳаққында бармақта.

БМШтың Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясы майыплығы болған шахслардың ҳуқықларының теңлиги, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың билим алыўы, денсаўлығын сақлаўы, мийнет етиўи, өзи ҳәм шаңарағы ушын жетерли турмыс шараятына ийе болыўының ҳуқықый кепилликлерин белгилейтуғын халықаралық-ҳуқықый ҳүжжет. Бул конвенция БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 2006-жылы 13-декабрьде қабыл етилген ҳәм 2008-жылы 3-майда күшке кирген.

БМШтың Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясы XXI – әсирде қабыл етилген инсан ҳуқықлары ҳаққындағы биринши шәртнама болып есапланады. 2021-жылдың февраль жағдайына бола, БМШтың 192 ағза –мәмлекеттен  182 си усы халықаралық ҳүжжетти ратификацияланған.

Конвенция 50 бәнттен ибарат болып, дүньядағы майыплығы болған шахслардың жағдайын таллаў тийкарында қабыл етилген. Конвенция инсанлардың ҳәр түрлилиги ҳәм қәдир-қымбаты принциплерин өзинде жәмлеген. Оның тийкарғы идеясы майыплығы болған шасхлар барлық инсан ҳуқықлары менен еркинликлеринен кемситиўлерсиз пайдаланыў имканиятына ийе болыўы керек екенлигинен ибарат болып есапланады.

Өзбекстанда кем тәмийинленгенлер, майыплар, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм қәрияларды социаллық қорғаў инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып есапланады.

Мәмлекетимиздиң Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияға қосылыўына байланыслы мәселе Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен қабыл етилген бир қатар ҳүжжетлерде көрсетилген. 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына, 2018-жыл 5-майдағы пәрман менен тастыйықланған Инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған Илажлар бағдарламасында,  2020-жыл 22-июньдеги пәрман менен тастыйықланған Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 2021-жыл 22-февральда болып өткен 46-сесиясындағы шығып сөйлеген сөзинде нәзерде тутылған.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола, Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны ратификациялаў процесинде Өзбекстан Республикасы тәрепинен айрықша тәжирийбе қолланылды. Яғный халықаралық-ҳуқықый ҳүжжет дәслеп миллий нызамшылыққа имплементацияланып, соннан кейин ратификацияланды.

Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде майыплардың социаллық қорғалыўы ҳәм теңлигин кепиллейтуғын бир қатар нызамлар қабыл етилди. 2020-жыл 15-октябрьде қабыл етилген «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызам майыплардың ҳуқықларын белгилейтуғын тийкарғы нызам ҳүжжети есапланады.

Конвенцияны ратификациялаўда үш дәрек: миллий нызамшылық, сырт ел юридикалық әмелияты ҳәм усы конвенцияның өзине сүйенилди. АҚШ, Уллы Британия, Германия, Швейцария, Россия, Беларусь, Украина, Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси терең үйренилди.

Атап айтқанда, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Швейцария сыяқлы жетекши сырт мәмлекетлер Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны ратификациялаған ҳалда, тийисли миллий нызамларын да қабыл еткен. Бул нызамлардың ҳәммеси мазмун жағынан уқсас болып, конвенция талаплары негизинде ислеп шығылған.

Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын жәмийетлик турмыстың сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений тараўларында қорғаў тийкарында қандай жағдай болыўына қарамастан инсанды, соның ишинде, майыплығы бар екенлиги себепли кемситпеў принципи жатады. Бул бағдарда тек мәмлекетлик структуралар емес, ал пуқаралық жәмийети институтларыда белсендилик көрсетип атырғаны оғада әҳмийетли.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде майыплық тараўында 600 ге шамалас мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем жумыс ислемекте. Олардың арасында Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан майыплар жәмийети фонды, Өзбекстан Майып исбилермен ҳаял-қызлар миллий ассоциациясы, имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайы, Өзбекстандағы ләң (паралич) майып балалар ҳәм жас өспиримлерге жәрдем бериў «Өмир» жәмийетлик орайы, «Инклюзив турмыс» майыплар жәмийетлик бирлеспеси, Өзбекстан Көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан қулағы еситпейтуғынлар жәмийети сыяқлы МКШлар бар.

Баспасөз хызмети усыныс еткен мағлыўматларға бола, бул мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери конвенцияны ратификациялаўда белсене қатнасты.

Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның ратификацияланыўы майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў тараўында заманагөй усыллар ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўде, конвенцияның тийкарғы қағыйдаларын әмелге апсырыўға, сондай-ақ, Турақлы раўажланыў мақсетлериниң «Ҳеш кимди изде қалдырма» принципин әмелге асырыўға жәрдем береди.

Конвенцияны ратификациялаў нәтийжесинде майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў системасы халықаралық норма ҳәм стандартларға муўапықласыўы, майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша халықаралық шөлкемлердиң мақсетли ресурсларын тартыў имканиятының кеңейиўи, халықты социаллық қорғаўдағы мәмлекетимиздиң унамлы халықаралық имиджи және де жақсыланыўына хызмет етеди.

Илажда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстанда халық, әсиресе, жәрдемге мүтәж адамларды күшли социаллық қорғаў бағдарындағы ийгиликли ҳәрекетлер сырт ел қатнасыўшылары тәрепинен де жоқары баҳаланды. Өзбекстанда БМШ Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының күшке кириўи бул бағдардағы ийгиликли жумыслардың өзине тән даўамы болып есапланады.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы