Сайлаў кампаниясы дәўиринде сайлаўшыларды Сайлаў кодекси ҳаққында, болажақ сайлаўдың Конституциялық ҳуқықый тийкарлары, сайлаўшының ҳуқықлары, сиясий партиялардың бақлаўшылары, талабанлардың исенимли ўәкиллериниң ҳуқықлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм халықаралық бақлаўшылар ўәкилликлери, сайлаўлардың улыўма тән алынған халықаралық демократиялық принциплери ҳаққында оператив мағлыўматлар қызықтырады.

Сондай-ақ, ҳәр бир сайлаўшы өзи даўыс бериўде қатнасатуғын сайлаў учаткасын билиўи, сайлаўшылар дизиминен хабардар болыўы, сайлаў күнине шекем қай жерде даўыс бериўи мүмкин екенлиги ҳаққында анық мағлыўматларға ийе болыўы зәрүр.

Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2021-жыл 1-апрель жағдайына бола, мәмлекетимиз бойынша мобиль байланыс системасына жалғанған абонентлердиң саны 26 миллион 953 мыңды қурағанлығын айрықша атап өтиў зәрүр.

Егер мәмлекетимиздеги сайлаў жасындағы сайлаўшылардың саны 21 миллион әтирапында екенлигин есапқа алсақ, ҳәр бир сайлаўшыға сайлаў ҳаққында мәлимлемелерди мобиль байланыс системасы арқалы жеткериўдиң жолға қойылыўы үлкен нәтийжелиликке ерисиўге хызмет етеди.

Сайлаўшыны қызықтыратуғын барлық сораўларға жедел жуўап бериўди шөлкемлестириў, зәрүр әдебиятлар, оқыў қолланбалары, тест сораўлары, сайлаўға байланыслы мағлыўматлар ҳәм мәлимлемелер менен тәмийинлеўде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў өз нәтийжесин береди.

Сайлаў кампаниясы дәўиринде де мобиль қосымшадан пайдаланыў, сайлаўшыларға ҳәр тәреплеме қолайлылық жаратыўды жолға қойыў Орайлық сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған.

Усы мақсетте Орайлық сайлаў комиссиясы, Project Managers компаниясы ҳәм Ташкент қаласындағы Инха университети менен биргеликте «Сайлаў-2021» мобиль қосымшасы жаратылды. Бүгинги презентацияда усы мобиль қосымша ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Қосымшаға кириў түймеси басылғаннан соң, онда бөлимлер, сайлаў участкалары, Масс-медиа, тестлер ҳәм жәрдем бетлери пайда болады. Мобиль қосымшаға жайластырылған мағлыўматлар базасының «Бөлимлер» бетинде «Оқыў материаллары», «Еслетпелер», «Сайлаў нызамшылығы», «Китапхана» сыяқлы рубрикалар орын алған.

Бул бетлер тийисли мағлыўматлар менен толықтырылған болып, сайлаўшы, сайлаў комиссиясының ағзасы, бақлаўшылар, талабанлар ҳәм олардың исенимли ўәкиллери ушын барлық зәрүр ҳуқықый мәлимлемелерден ибарат.

«Оқыў материаллары» рубрикасында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының конституциялық-ҳуқықый тийкарлары, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши сайлаў комиссиялары системасы, ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары, сайлаў процесинде сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер бақлаўшыларының қатнасыўы, олардың ҳуқықлары менен миннетлемелери, жергиликли бақлаўшылар ҳәм ўәкилликли ўәкиллердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери, сайлаўшылардың дизими менен ислесиў, даўыс бериўди шөлкемлестириў, сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм жәриялаўға байланыслы темалардағы оқыў материалларының презентациялары, баянат текстлери, инфографикалар, видео-сабақлар түринде таярланған.

«Еслетпелер» рубрикасы да сайлаўды шөлкемлестириўшилер, сайлаў комиссиялары, бақлаўшылар, ўәкилликли ўәкиллер ушын зәрүр методикалық усыныслардан ибарат.

«Сайлаў нызамшылығы» рубрикасы болса сайлаў нызамшылығына байланыслы ҳүжжетлерден ибарат. Яғный Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Сайлаў кодекси, Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары жайластырылған.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы