Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы баспасөз хызмети хабар бермекте. Хабарыңыз бар, 23-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сайлаў компаниясына старт берилди.

Бул өз гезегинде, Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм сиясий партиялар Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша календарь режедеги илажларды өз ўақтында және басқышпа-басқыш әмелге асырып барыўы зәрүр екенлигин аңлатады.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 34-статьясында «Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар, Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлар, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар көрсеткен сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди  тапсырыўда, қол қойыў қағазлары  дурыс толықтырғанлығын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ушын ўәкилликли ўәкил  тайынлаўға ҳақылы. Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллериниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, сиясий партия тәрепинен берилген ҳүжжетти ҳәм тийисли сайлаў комиссиясының мандатын өз жанында алып жүриўи шәрт», деп көрсетилген.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 11-сентябрьдеги қарары менен Сиясий партияның ўәкилликли ўәкили ҳаққындағы Реже тастыйықланған. Усы Режеге муўапық болса «Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, қол қойыў қағазлары дурыс толтырылғанлығын тексериўде қатнасыў ушын сиясий партия жоқары уйымының басшысы сайлаў кампаниясы басланғанлығы рәсмий жәрияланған күннен баслап бес күнлик мүддетте өзиниң ўәкилликли ўәкилин тайынлайды және оны дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына тийисли ҳүжжетлерди усыныс етеди.

Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партия тәрепинен усыныс етилген ўәкилликли ўәкил талабанына тийисли ҳүжжетлерди көрип шығып, үш күнлик мүддетте оны дизимге алады ҳәм оған белгиленген түрде мандат береди».

Жоқарыдағы талапларға тийкарланып, сиясий партиялардың өзиниң ўәкилликли ўәкиллерин тайынлағанлығы және олардың орнатылған тәртипте дизимге алыў ҳәм белгиленген үлгидеги мандатты бериў ҳаққындағы мүрәжатлары Орайлық сайлаў комиссиясына келип түсе баслады.

Атап айтқанда, 26-июль күни Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демокартиялық партиясы және Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы тәрепинен әне усындай мүрәжатлар келип түсти.

Сайлаў кампаниясында Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм сиясий партия арасында сөйлесиў алып барыў, талап етилген ҳүжжетлерди усыныс етиўди шөлкемлестирилген түрде тәртипке салыў ушын Ўәкилликли ўәкил жумысы жолға қойылатуғынын атап өтиў зәрүр.

Ўәкилликли ўәкил, биринши гезекте, сайлаўда қатнасыўшы сиясий партияның мәпин көрсетеди ҳәм оның сайлаў процесиндеги қатнасыўына байланыслы мәселелерди шешип барады.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы