Соӊғы  жыллары елимиде жоқары билимлендириӯ тараӯында да сырт еллердиӊ абыройлы жоқары оқыӯ орынлары менен бирге ислесиӯ, илимий байланыслар алып барыӯ ҳәм қоспа факультетлер ашыӯ бойынша бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда Уллыбритания, Япония, Қытай, Россия, Польша, Латвия, Вьетнам, Иран, Беларусь, Қазақстан, Әзербайжан, Тәжикстан, Қырғыз Республикаларыныӊ жоқары оқыӯ орынлары ҳәм Германияныӊ бир қатар халықаралық шөлкемлери менен бирге ислесип киятырған Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жәмәәти де Азияныӊ және бир абырайлы оқыӯ орынларыныӊ бири болған Урмия университетиниӊ басшылары менен де өз-ара онлайн ушырасыӯ өткерди.

Оған Өзбекстан Республикасыныӊ Иран Ислам Республикасындағы елшиханасы, Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саӯда министрлиги ӯәкилллери, ТашМАУ Нөкис филиалыныӊ басшылары ҳәм профессор-оқытыӯшылары қатнасты.

Ушырасыӯда Урмия университети ректоры Рахим Хоббенаги ҳәм усы университет жанындағы Артемия ҳәм аквамәденият илимий-изертлеӯ институты директоры, профессор Насэр Аг, Өзбекстан Республикасыныӊ Иран Ислам Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Б.Абдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саӯда министриниӊ орынбасары А.Камаловлар шығып сөйлеп, бул ушырасыӯдыӊ мақсети ҳәм алда турған ӯазыйпалар ҳаққында илаж қатнасыӯшыларына айтып өтти.

Илажда ТашМАУ Нөкис филиалы директоры, профессор Е.Төрениязов шығып сөйлеп, филиалдыӊ бүгинги турмысы, онда студентлер ҳәм профессор-оқытыӯшылар ушын жаратылған шараятлар, филиалдыӊ алдында турған әҳмийетли ӯазыйпалар ҳаққында иранлы кәсиплеслерине кеӊ түрде түсиниклер берди.

Сондай-ақ, ушырасыӯда Иранныӊ Батыс Азербайжан провинциясыныӊ өндирис ҳәм саӯда-сатық мәселелери бойынша Бас директоры Гуламмырза Бабаш шығып сөйлеп, Қарақалпақстанға Ираннан инвесторларды алып келиӯ бойынша өзиниӊ алдағы ис-режелери туӯралы айтып өтти.

Ушырасыӯ соӊында ТашМАУ Нөкис филиалы ҳәм Урмия университети арасында өз-ара бирге ислесиӯ бойынша меморандумға қол қойылып, келешектеги ис-режелер белгилеп алынды.

 

Адилбай Оразов

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги