Нөкис районындағы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы турғынларын көптен берли қыйнап киятырған машқалалалардың бири-бул ишимлик суўы болып табылады.

-Аймағымыздағы «Дәрбент», «Шоркөл», «Шағалкөпир» елатлы пунктлери ишимлик суўы менен тәмийинленген болса, «Қалмен аўыл», «Досымбет аўыл», «Қазақ аўыл», «Сағыр аўыл», «Қуўлы көл» ҳәм орайдан узақта жайласқан «Қанлы жағыс» аўылларының турғынлары ишимлик суўы тәмийнатынан қыйналып киятырған еди,-дейди аўыл пуқаралар жыйынының баслығы  Бахтияр Достанов.- Ҳәзирги пүткил дүнья жүзинде жүз берип атырған экономикалық дағдарысларға қарамастан Президентимиздиң басшылығында елимизде халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни аймағымызда халыққа таза ишимлик суўын жеткерип бериўши станцияның қурылыс жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Улыўма баҳасы 2 миллиард 689,7 миллион сум болған станцияның қурылыс жумыслары  райондағы «Нөкис Еркин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен алып барылмақта.

-Жәмәәтимиз қурылысшылары имаратты белгиленген мүддетинде сапалы етип тапсырыў жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте,-дейди «Нөкис Еркин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Қурбанбек Тилепбаев.-Аўыл халқының абадан турмысын тәмийинлеўде  әҳмийетли болған бул қурылыс жумысында отызға шамалас қурылысшы мийнет етпекте. Жумысшылардың өнимли мийнет етиўи ушын барлық шараятты жаратып бериўге ҳәрекет еттик. Олар жумыс басында ыссы аўқат, арнаўлы кийим-кеншек, ўақтында мийнет ҳақы. жатақ жай менен тәмийинленген. Ҳәзирги жағдайды есапқа алған ҳалда жумысшылардың саламатлығына айрықша итибар қаратып атырмыз.  Мақсетимиз аўыл халқын тезирек таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге өзимиздиң үлесимизди қосыў болып табылады. Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы күнлеринде пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген станцияның иске түсирилиўи менен 800 ден аслам хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Қурылыстың басына келип, жәмәәт ағзаларының жумыслары менен таныстық. Бул жерде жумыс ҳәр қашанғыданда қызғын. Ҳәр ким өз жумысы менен бәнт. Жәмәәтте тәжирийбели қурылысшылар менен бирге жаслар да мийнет етпекте.

-Инсан қайсы тараўда ислемесин, өзиниң кәсибин шын кеўилден атқарса, әлбетте, мийнети баҳаланады,-дейди тәжирийбели кепсерлеўши  Айтбай Султанов.-Қурылыс тараўында ислеп киятырғаныма мине 40 жылдан аслам ўақыт болды. Көп жыллық мийнетим итибардан шетте қалмады.  Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамы қарсаңында Президентимиздиң пәрманы менен «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықландым. Бүгинги күни бар тәжирийбемди жасларға үйретип киятырман. Олардың арасында келешекте өз кәсибиниң маманы болып шығатуғынлары көпшиликти қурайды.

Бүгинги күни жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары Қараөзек районы А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Сейтек жап» ҳәм «Қазаяқлы аўыл» аўылларында, Бозатаў районындағы еки елатлы пунктте ишимлик суўын душшыландырыўшы станциялардың қурылыс жумысларын алып бармақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери