Ташкент қаласында «Орайлық ҳәм Қубла Азия:» регионаллық байланыслылық, Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасындағы халықаралық конференция шеңберинде Орайлық Азия халықаралық институтының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбаева, БМШ Бас хаткериниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили, Орайлық Азия ушын превентив дипломатия регионаллық орайының баслығы Наталья Герман, регион мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер ҳәм басқа да жоқары мәртебели мийманлар қатнасты.
Илаждан алдын Т.Норбаева Президент Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия халықаралық институты ашылыў мәресиминиң қатнасыўшыларына қутлықлаўын оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, усы институтты шөлкемлестириў бүгинги заман, регионаллық раўажланыў ҳәм тарийхый дәўир талабы болып есапланады. Бул Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған сыртқы сиясый жолын даўам еттириў тәрепдары екениниң әмелий тастыйығы болып есапланады.
Ҳақыйқатында да, усы институт, бәринен бурын, регион мәмлекетлериниң бирге ислесиўин ҳәр тәреплеме кеңейтиўге қаратылған стратегия ҳәм бағдарламалардың жаңа бағдарларын ислеп шығыўға көмеклесиў, оларды илимий тийкарланған ҳалда терең таллаў ҳәм изертлеў менен шуғылланады.
Мәресимде сөзге шыққанлар бул институт Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтти.
– Бәринен бурын, Президент Шавкат Мирзиёевқа регион тынышлығы ҳәм раўажланыўына қаратылған усы халықаралық конференцияны өткериў басламасы менен шыққаны ушын миннетдаршылық билдиремен, – дейди Наталья Герман. – Орайлық Азия халықаралық институтының ашылыў мәресими усы форум шеңберинде өткерилип атырғанында да рәмзий мәни бар. БМШ Орайлық Азия мәмлекетлери басшысының сиясий ер-ықрары ҳәм жетекшилиги нәтийжесинде регион мәмлекетлери арасында бирге ислесиўди жоқары баҳалайды. Бул процессти раўажландырыўда регионаллық бирге ислесиўди өзиниң сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири етип белгилеген Өзбекстанның орны үлкен, әлбетте.
Орайлық Азия халықаралық институты регион мәмлекетлери арасындағы байланысларды беккемлеўге қаратылған изленислер, Орайлық Азия қәўипсизлиги менен байланыслы ҳәр қыйлы басқа да қәўип-қәтерлер ҳәм машқалаларды нәтийжели шешиўге қаратылған системалы изертлеў жумысларын жолға қояды. Буннан тысқары, қоңсы мәмлекетлердиң сыртқы-сиясат концепцияларын ҳәм мақсетлерин аналитикалық қатнаслар тийкарында пуқта үйренеди, регионаллық әҳмийетке ийе болған ҳәр қыйлы жойбарларды толық таллайды.
Илаж қатнасыўшылары институтта шөлкемлестирилген музей, ол жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Аваз ХУДОЙҚУЛОВ,
ӨзАның хабаршысы