Кеше Ташкент қаласында Америка Қурама Штатлары, Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан ўәкиллери жаңа төрт тәреплеме мәсләҳәтлер платформасын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етти, деп хабар бермекте «Дунё»АА.
Өзбекстан СИМ тәрепинен мәлим етилиўинше, Ташкентте «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференция өткерилиўиниң әҳмийетли екенлигин есапқа алған ҳалда тәреплер регионаллық байланыслылықты Аўғанстан ҳәм регионда узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылықты орнатыў ушын әҳмийетли деп есаплайды және тынышлық ҳәм регионаллық байланыслылықты өз-ара беккемлеўши фактор есапланатуғынын атап өтти.
Усы билдириўдиң толық тексти:
2021-жыл 15-июльде Аўғанстан тынышлық процеси ҳәм келиспеўшиликтен кейинги дәўирде тәртипке салыўды қоллап-қуўатлаў ушын АҚШ-Өзбекстан-Аўғанстан-Пакистан төрт тәреплеме формасының жәрияланыўы «АҚШ, Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан ўәкиллери қысқаша айтқанда регионаллық байланыслылықты кеңейтиўге қаратылған жаңа төрт тәреплеме дипломатиялық платформаны шөлкемлестириў ҳаққында келисип алды.
Тәреплер Аўғанстандағы узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылық регионаллық байланыслылық ушын шешиўши әҳмийетке ийе деп есаплайды және тынышлық ҳәм регионаллық қатнасықлар өз-ара бир-бирин беккемлейди деген исенимли пикирди билдиреди.
Нәтийжели халықаралық саўда бағдарларын және де раўажландырыў ушын тарийхый имканиятты аңлаған ҳалда тәреплер саўданы кеңейтиў, транзит жолларды жаратыў ҳәм исбилерменлик қатнасықларын беккемлеў ушын бирге ислесиўге үмит етпекте.
Тәреплер бул бирге ислесиў шәртлерин өз-ара консенсус тийкарында белгилеп алыў ушын жақын айларда ушырасыўға келисип алды».
Қарақалпақстан хабар агентлиги