Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап–қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының әмелге асырылыўы бойынша орынларда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў» бағдарындағы жойбары грант таңлаўы жеңимпазы болған еди.
Усы жылдың 14-июль күни Нөкисте ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасында жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Илажда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, жойбар басшысы К.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң жуўаплы хызметкери Т.Юсупов шығып сөйлеп, республикамызда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бағдарлама тийкарында быйылғы жылы республикамызда ҳәр бир районда еки аўылдан, Нөкис қаласында еки мәкан пуқаралар жыйынында, жәми 34 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында жумыс алып барылмақта. Жойбардың тийкарғы мақсети, усы әмелге асырылыўы тийис болған жумыслардың режесин, ажыратылған қаржылардың дәрегин ҳәм ислениў мүддетлерин жергиликли ғалаба хабар қуралларында толық жәрияланыўына ерисиў, олардың ўақтында орынланыўы ямаса орынланбаўы бойынша талланған мақала ҳәм материаллар берип барыў, сол арқалы орынларда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў болып табылады.
Жойбар үш басқыштан ибарат болып, оның биринши басқышында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды ғалаба хабар қуралларында толық жәрияланып барыўын тәмийинлеў мақсетинде ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары журналист нәзеринде» таңлаўы жәрияланып, оның ашық-айдынлығын тәмийинлеў ушын төрешилер қурамы шөлкемлестириледи. Екинши басқышта бағдарламаларды ҒХҚда кеңнен жәриялап барыў бойынша қәнигелер ҳәм журналистлердиң қатнасында семинар шөлкемлестирилип, олар тәрепинен жәрияланған материаллар тийкарында жәмийетлик қадағалаў күшейтиледи. Соңғы басқышта таңлаўдың жуўмағы шығарылып, жеңимпазларды хошаметлеў илажы өткериледи.
-Бизиң тийкарғы мақсетимиз, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынларда орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, бунда журналистлеримиздиң белсендилигин арттырыў болып табылады,-дейди жойбар басшысы Кеңесбай Реймов.-Ең әҳмийетлиси, жойбар даўамында жәрияланған материалларда көрсетилген ислениўи тийис жумыслар, жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм олар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар жазба түрде тийисли шөлкемлерге усынылып барылады.
Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер жойбар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы