Бажыхана уйымлары хызметкерлери тәрепинен нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги  хызметкерлери менен биргеликте алдын ала алынған оператив мағлыўмат тийкарында нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде  «Жесси» лақаплы хызмет ийти жәрдеминде Беруний районында илаж өткерилди.

Оператив илаж даўамында пуқаралар  Ж.Ж. ҳәм Т.С. «шәртли қарыйдарға» 12 миллион сум пулға ақ-көк реңдеги орамалдың ишиндеги пакетке жайласқан «гашиш» нәшебентлик затына уқсақ затты сатпақшы болған ўақытта тоқтатып қалынды.  Олардан экспертизаның шешимине бола жәми 53,41 грамм «гашиш» нәшебентлик заты айғақлы дәлийл ретинде алынды.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша  бажыхана басқармасы тәрепинен жынаят иси қозғатылып, тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы