Айырым социаллық тармақларда жақында Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен киргизилген карантин шеклеўлериниң бийкар етилетуғыны ҳаққында тийкарсыз хабарлар тарқалды. Хабарларға Денсаўлықты сақлаў министрлиги мүнәсибет билдирди.
«Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен бир қатар шеклеўлер менен бирге кафе, ресторан ҳәм басқа да кеўилашар мәкемелердиң 08:00 ден 20:00 ге шекем ислеўине рухсат берилген еди», делинеди хабарда.
Атап өтилиўинше, усы жағдай бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлиги соны мәлим етеди, бул тәртиплер Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгили бир мүддет ушын қабыл етилген емес, яғный эпидемиологиялық жағдай турақласқанда бул шеклеўлер бийкар етиледи. Бирақ ҳәзир ўақытта оларға ҳеш қандай өзгерислер киргизилмеген.
«Егер карантин қағыйдаларына байланыслы бирде-бир өзгерис киргизилсе, оны Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий бетлери арқалы жәриялайды», делинеди мүнәсибетте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги