Президент Шавкат Мирзиёев 9-июль күни спорт билимлендириўин раўажландырыў ҳәм Олимпиада резервлерин таярлаў мәселелерине байланыслы презентация менен танысты.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 15 олимпиада резервлери колледжи, 344 спорт мектеби ҳәм 7 жоқары спорт шеберлиги мектеби жумыс алып бармақта. Оларда 380 мың жаслар 100 ден аслам спорт түри менен турақлы шуғылланбақта.

Соңғы үш жылда Олимпиада резервлери колледжлери оқыўшылары халықаралық жарысларда 723, республикалық турнирлерде 10 мыңнан зыят медальларды қолға киргизген. Дерлик 4 мың 500 оқыўшы Өзбекстан миллий сайланды командаларына қабыл етилген.

Бул тараўды және де раўажландырыў ушын спорт билимлендириўи мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тренерлердиң маманлығын арттырыў зәрүр.

Атап айтқанда, усы мәкемелерде ислеп атырған 14 мыңға шамалас тренерлердиң дерлик 6 мыңы жоқары мағлыўматқа ийе емес. Сондай-ақ, орынларда ат спорты, заманагөй бес гүрес, регби, оқ атыў, оқ жайдан атыў, велоспорт, суўға секириў ҳәм синхрон жүзиў бойынша тренерлер жетиспейди.

Презентацияда спорт билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жақсылаў, заманагөй бағдарлама ҳәм методикаларды енгизиў, мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Олимпиада резервлери колледжлери ҳәм денетәрбиясы ҳәм спорт бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң инфраструктурасын жақсылап, спорт билимлендириўин жетилистириў, оқыўшы ҳәм студентлердиң санын арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Тараўдағы билимлендириў мәкемелериниң Паралимпиада бөлимлерине 10 процентке шекем қосымша квота ажыратылатуғыны ҳәм де ата-аналар тәрепинен төлем тәртибиниң бийкар етилетуғыны белгиленди. Сондай-ақ, қызлар ушын квотаны көбейтиў арқалы Халықаралық олимпиада комитетиниң гендер теңликке байланыслы принциплери тәмийинленеди.

Селекция жумысларын күшейтиў, бул процессте ашық-айдынлықты тәмийинлеп, коррупция жағдайларына шек қойыў бойынша көрсетпелер берилди. Олимпиада резервлери колледжлерине оқыўшыларды қабыл етиў, талантлы спортшыларды таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестириў бойынша электрон платформаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз Олимпиада резервлери колледжлерин спорт федерациялары менен тығыз байланыстырыў, талантлы жасларды өсириўде промоутер, скаут, агент сыяқлы қәнигелердиң жумысын кеңнен қолланыў ҳәм бул бағдарларды раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Спортшылардың физикалық, медициналық ҳәм психологиялық жағдайын ҳәм фармакологиялық тәмийнатын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди. Спортшыларды таярлаў ҳәм оқыў мәкемелерин басқарыў системасын илимий тийкарланған түрде раўажландырыў зәрүрлиги айтылды.

2021-2022-оқыў жылынан баслап, спорт мектеплеринде мәмлекетлик буйыртпа тийкарында разряд ҳәм атаққа ийе спортшыларды таярлаў жолға қойылатуғыны белгиленди.

Тренерлер жетиспей атырған спорт түрлери бойынша квалификациялы сырт ел қәнигелерин тартыў, оларға жергиликли тренер ҳәм студентлерди бириктирип, тәжирийбесин үйрениў кереклиги атап өтилди.

Спорт билимлендириўи мәкемелерин қурыў ҳәм оңлаў, заманагөй инвентарьлар ҳәм спорт әдебиятлары менен тәмийинлеў бойынша да көрсетпелер берилди.

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық мәселелерине де итибар қаратылды. Спортшыларымыз Япония пайтахты Токио қаласында болып өтетуғын бул абырайлы жарысқа жәми 126 жолламаны қолға киргизген.

Мәмлекетимиз басшысы спортшы ҳәм тренерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жақсы нәтийжелерге ерисиўи ушын барлық шараятларды жаратыў зәрүрлигин атап өтти. Соның менен бирге, 2024-жылы Францияда болып өтетуғын Олимпиада ойынларына таярлықты ҳәзирден баслаў бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА