Айырым муғаллимлердиң мийнет дем алыс пулларының кешигиўине байланыслы мүрәжатлар үйренип шығылды.
Бул ҳаққында Халық билимлендириў министрлиги мәлим етти.
«Усы күнлерде Халық билимлендириў министрлигиниң социаллық тармақлардағы бетлери арқалы муғаллимлер тәрепинен айырым аймақларда мийнет дем алысы пулларының кешиктирилип атырғаны бойынша мүрәжатлар келип түспекте.
Министрлик тәрепинен усы мүрәжатлар үйренилгенде, машқаланың келип шығыўына тийкарғы себеп көпшилик жағдайларда барлық хызметкерлерге бирден мийнет дем алысының берилгени мәлим болды (муғаллимлерди мийнет дем алысына шығарыў реже бойынша басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгиленген).
Бүгинги күнде, усы мәселени жедел шешиў ҳәм машқаланы сапластырыў мақсетинде, аймақлардан алынған есап-санақ ҳәм талапларға тийкарланып Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Қаржы министрлиги менен биргеликте зәрүр қаржыларды жетерли дәрежеде ажыратыў илажлары көрилди.
Улыўма билим бериў мектеплериниң хызметкерлерине белгиленген төлемлер бүгин (жума күни) ҳәм дүйшемби түслик ўақтына шекем әмелге асырылыўын мәлим етемиз.
Оннан кейин да усы мәселе бойынша машқалалар қалып кеткен жағдайда, 12-июль күни түсликтен кейин Министрликтиң исеним телефон номери 71 202 09 09 ямаса социаллық тармақлардағы рәсмий бети арқалы мүрәжат етиўиңиз соралады» делинеди министрликтиң мәлимлеме хызметиниң хабарында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги