Қарақалпақстан Республикасының суды тәрепинен жас тергеўшилердиң судларда әмелият өтеў режесиниң орынланыўы, жумысларды судта көриў даўамында дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судьялары, жынаят ислери бойынша қалалық ҳәм районлық судлардың баслықлары менен судьялары, Қарақалпақстан Республикасының прокуратурасы, қала ҳәм районлық прокуратуралардың тергеўшилери, Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасы, барлық районлық ИИБ жанындағы тергеў бөлими, бөлим ҳәм топардың жеке қурамы, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлердиң сорастырыўшылары қатнасты.
Онда Аралбойы аймағында жынаятларды сапластырыў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша Жол картасының 50-бәнтинде белгиленген ўазыйпалар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2021-жыл 27-февраль күни кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар бойынша илажлар режесиниң 7-бәнтиниң орынланыўы ҳәм Нызамларға киргизилип атырған соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәнисин үйрениў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Мәжилисте 2021-жылдың апрель-июнь айлары аралығында судларда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының тергеўши ҳәм сорастырыўшыларының билимин арттырыў бойынша әмелият өтелгени, жас тергеўшилердиң судларда қатнасып маманлық арттырыўы додаланды. Жумысларды судта көриў даўамында дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен, сондай-ақ, Ишки ислер министрлигиниң тергеў уйымларында жумысларды тергеўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер, келешекте бундай кемшиликлерди сапластырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында сөз болды. Нәшебентлик затлары ямаса психотроп қураллар менен нызамға қайшы түрде пайдаланыўдан ибарат жынаятларды квалификациялаўда дәслепки тергеўдеги машқалалар, Жынаят-процессуаллық кодексине киргизилген соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар, яғный 121, 491 ҳәм 621-статьяларының мазмун-мәниси ҳаққында сөз етилди.
Илажда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы