Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ОТТ (Over the Top) платформасында «Ҳидоят сари» илимий-ағартыўшылық виртуал телеканалы шөлкемлестирилди. Бул жаңа канал онлайн режимде ислейди.
МТРК баслығы Алишер Хаджаевтың фейсбуктағы бетинде бул ҳаққында мәлим етилген. Атап өтилиўинше, бул каналда шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды жоқары исеним ҳәм миллий қәдириятларға садықлық, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық руўхында тәрбиялаў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сондай-ақ, жаслардың мәдений-ағартыўшылық, диний билимлерин арттырыўдан ибарат.
«Ҳидоят сари» телеканалында тийисли илимий, диний экспертизалардан өткерилген, эфирге жиберилген ҳәм ҳәзирги күнде МТРК Архив фондында сақланып атырған телеөнимлер көрсетиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги