Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2021-жыл 15-16-июль күнлери Ташкент қаласында «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасындағы халықаралық конференция  болып өтеди.

Форумның тийкарғы мақсети Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери арасындағы тарийхый жақтан тығыз ҳәм дослық байланысларын, исеним, сондай-ақ, жақсы қоңсышылықты еки регион халықлары ҳәм еллериниң мәплери жолында беккемлеўден ибарат.

Конференция жумысында Өзбекстан Республикасы Президенти, Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри, Орайлық ҳәм Қубла Азия еллери, басқа да сырт еллердиң сыртқы ислер министрлери ҳәм финанслық институтлар менен компаниялардың, жетекши илимий-изертлеў ҳәм аналитикалық орайлардың басшылары қатнасыўы режелестирилген.

Форум қатнасыўшылары жалпы ҳәм сектор мәжилислеринде регионаллық байланыслылықты және де беккемлеў шеңберинде саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған басламаларды алға қойыў имканиятларын додалады.

Күн тәртибинен саўда, инвестициялар, транспорт, энергетика ҳәм инновациялар, «жасыл» технологиялар тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў, кооперация бойынша анық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў, туризм,  билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша толық пикир алысыў ҳәм биргеликте усыныслар ислеп шығыў орын алған.

 

ӨзА