«Республиканың билимлендириў мәкемелерине студентликке қабыл етилген қәбилетли жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-5172-санлы, 06.07.2011 ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.
Қарарға бола, 2021-2022-оқыў жылынан мәмлекетлик Жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатының күндизги билимлендириў түрине кириў имтиханларында (тест сынақлары, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан, жазба имтихан) ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң гранты енгизилди.
Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи ҳәр жылы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады.
Белгили билимлендириў тараўы ушын ажыратылған Президент грантының квотасы бойынша кейинги орындағы абитуриент ҳәм оның менен бирдей балл топлаған барлық пуқаралар Президент грантына талапкер болады.
Жоқары оқыў орнына кириўде қосымша балл түринде жеңиллик берилетуғын категориядағы абитуриентлердиң кириў имтиханларының нәтийжелерине бола топланған балына қосып берилген баллар Президент грантына талапкерлерди анықлаўда есапқа алынбайды.
Президент грантына талапкер абитуриентлер мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.
Президент грантының жеңимпазлары биринши курста барлық пәнлерди «жақсы» баҳаларға оқыған, руўхый-ағартыўшылық ҳәм илимий-изертлеў бағдарларында жетискенликлерге ерискен бул грантқа талапкер студентлер арасынан таңлаў тийкарында анықланады.
Таңлаў нәтийжелерине бола жеңимпаз болған студентлерге Президенттиң мәмлекетлик стипендиясы тайынланады.
Онда студентке Президент гранты ушын белгиленген стипендия екинши курстың оқыў жылы басынан айма-ай төленеди ҳәм усы мүнәсибет пенен оған улыўма шәртлерде белгиленетуғын стипендия тайынланбайды.
Оқыў семестриниң жуўмағы бойынша кеминде бир пәннен өзлестириў көрсеткиши «айрықша» баҳа болмағанда, Президент грантының ийелерине келеси оқыў семестри даўамында улыўма тәртипте белгиленетуғын стипендия тайынланады.
Гезектеги оқыў семестриниң жуўмағына бола барлық пәнлер бойынша өзлестириў көрсеткиши тек ғана «айрықша» баҳа болғанда, Президент гранты ушын белгиленген стипендия қайта тайынланады.
Оқыўдың жуўмағына шекем Президент грантын үзликсиз алған студентлер бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес ҳәм түрлес қәнигелик бойынша магистратураға кириў имтиханларысыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги