6-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизге сапар етип келген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясы Баслығы Волкан Бозкирди қабыллады.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе глобал мәселелер бойынша пикир алысылды, Өзбекстанның БМШ ҳәм оның қәнигелестирилген мәкемелери менен көп қырлы бирге ислесиўин кеңейтиў перспективалары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, глобал ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, ҳәзирги күнниң жаңа қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў, соның ишинде, коронавирус пандемиясы ақыбетлерин жеңип өтиў сыяқлы тийкарғы бағдарларда елимиз ҳәм шөлкем институтлары менен структуралары арасындағы бирге ислесиў жоқары дәрежеде екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң ағзасы сыпатында Өзбекстан бул бағдарда әҳмийетли басламаларды алға қоймақта ҳәм глобал күн тәртибин жүзеге шығарыўда қатнаспақта.

Буннан тысқары, кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен Орайлық Азияда бирге ислесиўди беккемлеў, регионда туризмди турақлы раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик, Аралбойында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағын жаратыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша Бас Ассамблеяның бир қатар арнаўлы резолюциялары ислеп шығылды ҳәм қабыл етилди.

Бас Ассамблеяның ҳәзирги сессиясы баслығы Волкан Бозкир халықаралық майданда, бәринен бурын, БМШта Өзбекстанның абырайы күн сайын артып баратырғаны, мәмлекетимиз басшысының глобал ҳәм регионаллық басламалары халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанын айрықша атап өтти.

Ушырасыўда елимиз ҳәм Орайлық Азия регионын экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыў, гендер теңлик ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетли тәреплери бойынша шериклик қатнасықларын, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиў шеңберинде алға қойыў, қоршаған орталықты қорғаў, вакциналардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.

Буннан тысқары, Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен тәртипке салыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм БМШ институтлары арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша тығыз ҳәм нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.

 

ӨзА