Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының бийлигине муўапық,  Джумагельдиев Абаджан Курбаниязович Өзбекстан Республикасы Президентиниң Елликқала районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында Президенттиң ҚР Халық қабыллаўханасы баспасөз хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, Абаджан Джумагельдиев усы күнге шекем Елликқала районлық Әдиллик бөлими баслығы лаўазымында ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.