29-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, дос Түркменстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм пайдалы сөйлесиўлер себепли Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди. Бирге ислесиў бойынша жаңа жойбарларды алға қойыўда Ҳүкиметлераралық комиссия айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Жетекшилер усы жылы Түркменстанда Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша тоқтап өтти. Болажақ көп тәреплеме илаж бағдарламасын пуқта таярлаўға келисип алынды.

Президентлер халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысып, Аўғанстандағы, соның ишинде, бул мәмлекет арқа шегараалды аймақларындағы әскерий-сиясий жағдайдың раўажланыўын додалады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей жыллы, дослық ҳәм исшең руўхта болып өтти.

 

ӨзА