Жасларды спортқа ғалабалық қамтып алыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде Шоманай районы аймағындағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердеги жаслар арасында спорттың киши футбол түринен «Жаслар кубоги» ушын район бириншилиги өткерилди.

Үш күн даўам еткен спорт жарысына 24 командаға бириккен  300 ге шамалас жаслар қамтып алынды.Қызғын өткен ойынлар жуўмағында  1-орынды Шоманай районлық Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, 2-орынды АКБ «Халқ банк»тиӊ районлық филиалы, 3-орынды районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы командалары ийеледи.

Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги