Бүгин, 5-июнь күни Ташкент қаласындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде Мәмлекетлик тест орайы мәлимлеме хызмети баслығы О.Бобоев басшылығында болып өткен брифингде төмендегилер мәлим етилди.

 

Соңғы жылларда питкериўшилерге мәмлекет тәрепинен жоқары билим алыў бойынша үлкен имканиятлар, шараятлар жаратылмақта. Солардың бири сыпатында питкериўшилердиң артықша әўере болмаўы, тек ғана бир мәрте имтихан тапсырыў арқалы жоқары оқыў орынларына кириў имканиятын жаратыў нәзерде тутылмақта.

 

Мектеп, академиялық лицейлер питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик имтиханларын кириў тест сынақларына теңлестириў, яғный унификациялаў ҳаққындағы қарар жойбары ислеп шығылған ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымға усынылған.

 

Бирақ, алдынғы жылларда питкерген абитуриентлер ушын кириў тест сынақлары өз алдына өткериледи.

 

Усы орында атап өтиў керек, питкериўшилердиң жуўмақлаўшы имтиханлары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады. Жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары қандай тәртипте болса, жуўмақлаўшы мәмлекетлик имтиханлары да сол тәртипте шөлкемлестириледи (мектеплерде емес).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.