«Ақлвой» автобуслары Беруний, Төрткүл, Кегейли, Шоманай районларының ең шетки алыс аўылларына, балалар бақшасы жоқ жерлерине барып, сол аймақлардың балаларына бийпул тәлим-тәрбия береди. Бул ҳаққында ҚР Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, бул автобуслар мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түри болып, балаларды бақшаларға қамтыўға өз үлесин қосады ҳәм балаларды мектепке таярлайтуғын мобиль топар есапланады.

 

Автобусларда балалардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.