Бүгин Өзбекстанның Бас министри Абдулла Ариповтың Қазақстанға сапары шеңберинде Өзбекстан транспорт министри Илхом Махкамов ҳәм Қазақстан   санаат ҳәм инраструктураны раўажландырыў министри Бейбит Атамкуловтың ушырасыўы  болып өтти.

Бул ҳаққында Казинформ санаат ҳәм инфраструктураны раўажландырыў министрлигиниң Телеграм каналына тийкарланып хабар бермекте.

Ушырасыў  ўақтында тәреплер Қазақстанның Fly Arystan  авиакомпаниясы тәрепинен Түркистан-Ташкент авиақатнаўын жолға қойыўды келисип алды.

Мәлим болыўынша, пәрўазлар  2021-жыл 21-июньнен баслап ҳәптеде еки мәрте санитариялық-эпидемиологиялық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда әмелге асырылады.

Сондай-ақ, COVID-19 пенен байланыслы жағдай турақласқаны себепли пәрўазлардың санын көбейтиў керек екенлиги айтылмақта.

 

ӨзА