«Қараой» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлсәнем Жақсымова  «Ҳаял-қызлар…»  ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралардыӊ бири болып, ол Нөкис педагогикалық колледжин тамамлағанлы берли үйинде жумыссыз отырған еди.

«Мәҳәлле кесими»  системасы тийкарында үйрениўлер барысында 3-сектор ағзалары тәрепинен оныӊ исбилерменлик пенен шуғылланыўға деген ықласы ҳәм интасы барлығы анықланып, Гүлсәнемниӊ бизнес жобасы тийкарында «Халық банк»тиӊ Тахтакөпир районлық филиалынан жеӊиллетилген кредит алыў бойынша усыныс берилди.

-32 млн сум муғдарындағы  кредит қаржысы жәрдеминде нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығаратуғын заманагөй үскенени сатып алып, иске қостым,- дейди ҳәзир «Бәҳәргүл» шаӊарақлық кәрханасын басқарып атырған исбилермен Гүлсәнем Жақсымова.-Ҳәзир үйимизде ашылған бул цехта бир неше түрдеги нан ҳәм кондитер өнимлери ислеп шығарылып, аўыл халқыныӊ той-мереке ҳәм басқа да күнделикли тутыныўына жеткерип берип атырмыз.

-Бүгинги күни усы аймақта жасаўшы 546 хожалықтыӊ  10 ы «Темир дәптер»ге, 69 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар …», 90 жас «Жаслар дәптери»не киргизилип, оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў бойынша да бир қатар  илажларды ислеп атырмыз,-дейди жыйын ақсақалыныӊ қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасары Мәткәрим Аллияров.-Атап айтқанда, «Темир дәптер»де дизимде турған 5 шаӊараққа «Сақаўат ҳәм көмек қоры» есабынан 1 бас қарамалдан берилген болса, 13 ҳаял-қызға исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын коммерциялық банклер тәрепинен жеӊиллетилген кредитлер алып берилди.Ал, «Ҳәр бир жасқа 1 гектардан жер» жойбары тийкарында 20 жасқа 1 гектардан егислик жерлер ажыратылып, олардыӊ дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратылды.

-«Халық банк»тен 36 млн сум жеӊиллетилген кредити есабынан шаӊарағымызға  музқаймақ, сомса ҳәм торт писиретуғын заманагөй үскенени сатып алып, аўыл халқына хызмет көрсетип атырмыз.  Алдағы ўақытлары хызмет көрсетиў тармағын кеӊейтип, шаӊарақлық кәрханамыз жанынан жәмийетлик аўқатланыў орнын да шөлкемлестириўди нийет етип қойыппыз,- дейди «Ҳаял-қызлар дәптери» киргизилген пуқаралардыӊ бири Бағыйла Мәдреймова.

Соныӊ менен бирге аймақта аўыл балаларын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алыў бойынша да бирқанша унамлы жумыслар әмелге асырылып, бүгинги күни жыйын аймағында 2 мәмлекетлик, 2 жеке шериклик тийкарында ашылған балалар бақшалары, балалардыӊ заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы жолында хызмет көрсетип келмекте.

Бул болса, аймақта бәсекилик орталығыныӊ күшейиўи ҳәм сол арқалы исбилерменлик тараўыныӊ раўажланыўына ушын тийкар болмақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги