Иранда әке үйлениўди қәлемеген улын өлтирди, деп жазады Nation News.
Газетаның жазыўынша, иранлы 47 жастағы кинорежиссёр Бабак Ҳуррамдин Уллы Британиядан ўатанына қайтып келген. Әке баласын үйлениўге мәжбүрлей баслаған, бирақ қатаң бас тартқан. Еркеклер урысып қалған. Ақыбетинде ашыўланған әке баласына пышақ тығып алған. Полиция режиссёрдың денесин Тегеранның шетки бир жеринен тапты.
Кейин ала шаңарақ баслығы үш жыл алдын ҳаялы менен бирге қызын, он жыл алдын болса күйеў баласын өлтиргенин тән алды. Жынаятшылар усланған, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги