Мәмлекетимизде Франция Республикасының Европа ҳәм сыртқы ислер министрлиги жанындағы сыртқы саўда ҳәм экономикалық тартымлылық бойынша ўәкил-министри Франк Риестер басшылығындағы делегация мийман болып тур.
10-май күни Франк Риестер басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов пенен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы еки тәреплеме қатнасықлардың жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары додаланды.
Алдынғы, соның ишинде, еки мәмлекет сыртқы ислер уйымлары басшыларының быйыл 3-май күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўи шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процеси көрип шығылды.
Ушырасыўда болажақ түрли дәрежедеги қоспа илажларға таярлық көриўге байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Франция тәрепи 2022-жылдың гүзинде Париждеги Лувр музейинде «Орайлық Азияның уллылығы. Өзбекстан кәрўан жолларында» атамасындағы көргизбени шөлкемлестириўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди. Бул илаж еки мәмлекеттиң мәдений турмысындағы елеўли ўақыяға айланатуғыны атап өтилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында делегациялардың басшылары Өзбекстан ҳәм Франция Сыртқы ислер министрликлери арасында 2021-2022-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Франк Риестер басшылығындағы делегация сол күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов пенен де ушырасты.
Ушырасыўда сиясий, инвестициялық, саўда-экономикалық, финанслық-техникалық бирге ислесиўге байланыслы кең көлемли мәселелер додаланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл октябрь айында Францияға сапары Өзбекстан – Франция бирге ислесиўиниң жаңа басқышқа көтерилиўи ушын тийкар болып хызмет еткени, сапар етиў даўамында ерисилген келисимлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўы еки мәмлекет басшыларының қадағалаўында екени атап өтилди.
Франция делегациясының басшысы оның Өзбекстанға сапары пандемия басланғанынан берли дәслепки сырт елге еткен сапары екенин атап өтти.
Инвестиция тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды. Геология, энергетика, аўыл хожалығы, шығындыларды қайта ислеў ҳәм туризм тараўындағы ири жойбарларды әмелге асырыўда унамлы динамика бақланғаны атап өтилди. Тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм жеке меншик компаниялардың басшылары арасында усынысларды үйрениў және жаңа жойбарларды турмысқа енгизиў бойынша шәртнамалар дүзиўге қаратылған «G2B» ҳәм «B2B» форматында сөйлесиўлер шөлкемлестириў ҳаққында келисимге ерисилди.
Өз-ара саўда тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўдың үлкен потенциалы атап өтилди. Соның ишинде, Өзбекстан Европа Аўқамының «GSP+» преференциялар бас системасының бенефициары статусын алыўы өзбек тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарыўшылардың Франция базарына шығыўы ушын жаңадан имканиятлар ашты. Усы көзқарастан, Франция тәрепи Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға да жоқары баҳа берди. ЖДСШға ағзалық Өзбекстан – Франция саўда айланысын көбейтиў ҳәм диверсификациялаў ушын шараят жаратады.
Финанслық-техникалық бирге ислесиў тараўына айрықша итибар қаратылды. Тәреплер Франция раўажланыў агентлиги (ФРА) менен табыслы бирге ислесиўди атап өтип, 2021-2025-жылларға мөлшерленген жаңа Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылыўын мақуллады. Суў ресурсларын басқарыў, санитариялық ҳәм шарўашылық тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша ФРА менен сөйлесиўлерди жеделлестириўге байланыслы келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, тәреплер өзбек коммерциялық банклериниң «Bpifrance», «Credit Agricole» ҳәм «Société Générale» сыяқлы Францияның банк-финанс институтлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин атап өтип, Өзбекстанда киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў ушын қаржыландырыўды арттырыў перспективаларын додалады.
Ушырасыў жуўмағында барлық дәрежедеги еки тәреплеме байланысларды жеделлестириў арқалы бирге ислесиўдиң белгиленген бағдарлары бойынша қатнасықларды жеделлестириўге келисилди.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы