Миллий баспасөз орайында 10-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хызметиниң гезектеги брифинги болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында болып өткен илажлар ҳәм усы ҳәптеде күтилип атырған әҳмийетли ўақыялар ҳаққында журналистлерге мағлыўмат берди.
Өткен ҳәптеде Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық жумысларына байланыслы презентация, шет тиллерин оқытыў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти. Мәмлекетимиз басшысы 7-май күни Россия Президенти Владимир Путин ҳәм Қазақстанның Биринши Президенти, Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлесиўлерин өткерди. 9-май күни Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Жеңис паркинде өткерилген байрам илажында қатнасты.
Брифингте усы ўақыялар ҳаққындағы рәсмий пресс-релизлерге кирмеген қызықлы мағлыўматлар, пикирлер журналистлерге жеткерилди. Мәселен, шет тиллерин оқытыўды жетилистириў бойынша видеоселектор ҳаққында төмендеги пикирлер билдирилди.
– Не ушын бул илаж мәмлекет басшысы дәрежесинде өткерилди? Себеби жаслардың шет тиллерин билиўи ҳәмме тараўлардың раўажланыўына тийкар болады. Мине, ҳәзир раўажланған мәмлекетлер менен биргеликте заводлар, шөлкемлер, университетлер, клиникалар ашылып атыр, технологиялар кирип келмекте. Оларды ким ислетеди, технологияларды ким түсинеди? Әлбетте, булардың ҳәммеси ушын шет тилин билиў керек, оны турмыстың өзи талап етпекте. Раўажланған мәмлекетлерге барсаңыз, ҳәмме жаслар шет тиллерин биледи. Бул бойынша кемшилигимиз бүгин барлық тараўларда сезилип атыр. Егер буннан былай да итибар бермесек, дүньядан артта қалып кетемиз, – деди Шерзод Асадов.
Президентимиздиң Россия ҳәм Қазақстан жетекшилери менен телефон арқалы сөйлесиўлеринде де мәлимлемелерге кирмеген тәрепи – сөйлесиўлердиң руўхы ҳәм орталығы болғаны айрықша атап өтилди.
Жеңис паркинде Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышлап өткерилген байрам илажы халқымыздың қаҳарман ата-бабаларымыз естелигине ҳәм бүгин арамызда жасап атырған болған урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранларына көрсеткен мүнәсип ҳүрмети болды.
– Бәринен бурын, Жеңис паркиниң өзи Президентимиз тәрепинен жаратылған тарийхый дөретпе, деп тән алынбақта. Бул жер ата-бабаларымыздың мәртлигин улығлайтуғын жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғын теберик зыярат етиў орнына айланып бармақта, – деди Президент баспасөз хаткери.
Илажда бул ҳәптеде күтилип атырған әҳмийетли илажлар ҳаққында да мәлим етилди. Оған бола, ҳәпте даўамында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы реформалардың нәтийжелилиги, денсаўлықты сақлаў тараўында санластырыў процесслери және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында презентациялар, аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша видеоселектор өткерилиўи мөлшерленген.
Сондай-ақ, Президент усы ҳәптеде Япония жетекшиси және регионымыз мәмлекетлери басшылары менен сөйлесиўлер өткеретуғыны режелестирилген.
ӨзА