«Microsoft»тың тийкарын салыўшы Билл Гейтс коронавирусқа қарсы вакциналарды тарийхтағы ең үлкен илимий жетискенлик деп атады. Ол бул ҳаққында «Handelsblatt» газетасына берген интервьюинде айтып өткен, деп хабар береди xs.uz.

Америкалы исбилермен дүньядағы қайсы үш ойлап табылыўларды ең әҳмийетли деп билетуғыны ҳаққында берилген сораўға «CОVID-19»қа қарсы вакциналар быйыл пандемияны жеңип өтемиз деген үлкен үмит бағышлады», –  деп жуўап берген.

Гейтс екинши орынға микропроцессорды келтирген. Бул қурылманың ықласбенти екенлиги атап өткен ҳәм тап усы микропроцессор  жеке компьютерди жаратыўға имканият жаратқан.

Гейтстиң пикирине бола,  «Жасыл революция» үшинши  ең жақсы ойлап табылған жетискенлик болып есапланады. Ол өткен әсирдиң орталарында раўажланып атырған  мәмлекетлердиң аўыл  хожалығындағы өзгерислер  копмлекси есапланады ҳәм өнимдарлықтың  сезилерли дәрежеде артыўына мүмкиншилик жаратты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги