7-май күни Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Қытайдың Шеньси педагогикалық университети хызметкерлери арасында видеобайланыс түринде дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда Қытай тәрепинен Шеньси университети президенти Ю.Сюйцюнь, вице-президент Жэнь Сяовэй, сондай-ақ, «Бир мәкан, бир жол» басламасы ҳәм Орайлық Азия бойынша изертлеўлер орайының директоры Ли Ци қатнасты.

Соңғы жылларда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм ҳәрекетлери себепли Өзбекстан-Қытай стратегиялық шериклик қатнасықларының жоқары пәти атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай  Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң жақында болып өткен телефон арқалы сөйлесиўи мәмлекетлеримиз арасында барлық тараўлардағы көп қырлы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў жолында беккем тийкар жаратады.

Тәреплер атап өткениндей, 11-12-май күнлери Сиань қаласында «Орайлық Азия+Қытай Халық Республикасы» форматындағы Сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы өткерилиўи, регионаллық өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да  беккемлеўге үлес қосады.

Шеньси мәмлекетлик педагогикалық университети президенти Ю.Сюйцюнь мәмлекетимиздиң регионда тутқан орны, Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы көп жыллық тарийхый, экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара қатнасықлардың жоқары дәрежесин атап өтти.

Буннан тысқары, сөйлесиў ўақтында Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Шеньси педагогикалық университети арасында өз-ара бирге ислесиў перспективалары додаланып, оның ушын анық қәдемлер белгилеп алынды.

 

ӨзА