Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады.
Физика тараўы бойынша ири илимпаз, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Ўткир Ҳасанович Расулев 82 жасында қайтыс болды.
Ў.Расулев 1939-жыл 11-июльде Ташкент қаласында туўылды. 1961-жылы Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)н тамамлады.
Ол өз мийнет жолын Өзбекстан Илимлер академиясының Физика-техника институтында стажёр-изертлеўши сыпатында баслады, кейин ала Россия Илимлер академиясының Ленинград қаласындағы Иоффе атындағы Физика-техника институтының аспирантурасында билим алды. Дәслеп кандидатлық, кейин ала болса докторлық диссертациясын қорғады. 1995-жылы Өзбекстан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.
Талантлы илимпаз өзиниң 60 жылдан аслам илимий-педагогикалық жумысы даўамында Россия Илимлер академиясы Физика-техника институтының үлкен илимий хызметкери, Өзбекстан Илимлер академиясы Электроника институты (ҳәзирги Ион-плазма ҳәм лазер технологиялары институты)ның лаборатория баслығы, директоры, Илимлер академиясының коллегия ағзасы, физика-математика илимлери бөлиминиң баслығы, вице-президенти сыяқлы жуўапкер лаўазымларда нәтийжели мийнет етти ҳәм елимизде физикалық электроника тараўының әҳмийетли мәселелерин изертлеў, жоқары маман кадрларды таярлаў жумысына мүнәсип үлес қосты.
Ў.Расулев – физикалық электроника ҳәм қатты денелердиң сыртқы бөлеклериниң физикалық ҳәм химиялық өзгешеликлери бойынша ири қәниге, Өзбекстанда көп атомлы бөлекшелердиң сыртқы тәрептен ионласыўына байланыслы бағдарға тийкар салған илимпазлардан бири болып есапланады. Оның 200 ден аслам илимий мақалалары, 25 тен аслам ойлап табыўлары ҳәм патентлери республикамыз ҳәм сырт мәмлекетлердиң илимпазлары менен қәнигелери арасында жақсы белгили.
Белгили илимпаз мәмлекетимиздиң сиясий-жәмийетлик турмысында да белсене қатнасты. Атап айтқанда, 1996-1999-жылларда Өзбекстан Олий Мажлиси депутаты сыпатында жумыс алып барып, миллий парламентаризм тийкарларын беккемлеўге мүнәсип үлес қосты. Оның тиккелей басшылығында онлаған илим кандидатлары ҳәм илим докторлары таярланды.
Академик Ў.Расулев мәмлекетимиздиң илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери ушын Өзбекстан Республикасының «Меҳнат шуҳрати» ордени ҳәм «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған еди.
Белгили илимпаз, меҳрибан устаз, кишипейил инсан Ўткир Расулевтиң естелиги жүрегимизде ҳәмийше сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, Б.Йўлдошев