Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз аймағында дизимге алынып атырған коронавирустан кеселленгенлердиң жасы бойынша анализи төмендегише:

14 жасқа шекемги болған балалар орташа 13-15 процентти;

15-19 жастағылар 4-6 процентти;

20-29 жастағылар 11-14 процентти;

30-39 жастағылар 17-20 процентти;

40-49 жастағылар 10-15 процентти;

50-59 жастағылар 12-16 процентти;

60 жас ҳәм оннан үлкенлер 22-26 процентти қурамақта.

Бул ҳаққында 17-апрель күни өткерилген коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша Арнаўлы комиссияның кеңейтилген мәжилисинде Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары – Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң баслығы Баҳодир Юсупалиев мағлыўмат берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги