Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы Нөкис қаласы Темир жол бәндиргиси бөлими баслығының билдириўине муўапық өткерилген оператив илаж даўамында пара усыныс еткен пуқаралар усланды.
Өткен жылдың январь айында Тақыятас темир жол станциясы ТЭМ-2 6826-санлы манёвр тепловоз машинисти А.Е., жәрдемши машинисти И.К. және Хожели бәндиргиси вагон дүзетиўшиси М.А. өзлерине бириктирилген тепловоздың 120 литр дизель жанар майын пуқара Т.А.ға жәми 480 мың сумға сатқан ўақтында усланған еди. Олар бул жағдайды рәсмийлестирмеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы Нөкис қаласы Темир жол бәндиргиси бөлими баслығына 10 миллион сум пул пара ретинде усыныс еткен. Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласы Темир жол бәндиргиси бөлими баслығының хызмет бөлмесинде усыныс етилген пулды берип атырғанда усланды ҳәм 10 миллион сум пул айғақлы зат ретинде алынды.
Бул жағдай бойынша пуқаралар А.Е., И.К. М.А. ҳәм Т.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен жуўапкерлер қарсысына нызамлы жаза шарасы қолланылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги