Усы жылы 14-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның мәжилиси болып өтти.

         Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның ағзалары, Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның баслығы Д.Қурбаниязов басқарып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, Олий Мажлис жанындағы Парламентлик комиссияның баслығы А.Шадманов, Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының директоры О.Хусанов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Парламентлик комиссияның ағзасы З.Ибрагимова шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-марттағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың жумысының еркинлигин, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының және 4-марттағы «2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси,  быйылғы жылда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының жойбар ҳәм бағдарламаларын мәмлекетлик грантлар және социаллық буйыртпалар тийкарында қоллап-қуўатлаў бағдарлары туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасыўшы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин буннан былай да арттырыў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўды беккемлеў, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиў және оларға қолайлы шараят жаратыў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да жетилистириўге, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда пуқаралық жәмийети институтларының актив қатнасыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға, мәмлекетлик социаллық жойбарларды әмелге асырыўда олардың қатнасын кеңейтиўге тийкар жаратпақта.

Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 3-марттағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың жумысының еркинлигин, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының структурасы, олардың хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў разрядларын тастыйықлаў, быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен усы жәмийетлик фондты сақлаў қәрежетлерине және олардың тийкарғы жумыс бағдарларын әмелге асырыў ушын 1,1 миллиард сум қаржы ажыратыў ўазыйпалары белгилеп берилген.

Бул өз гезегинде жергиликли бюджеттен ажыратылған қаржылардың есабынан мәмлекетлик грантлар және социаллық буйыртпаларға қаржы ажыратыў имканиятын бермекте. Өткен жылы Парламентлик комиссия тәрепинен жәрияланған 5 таңлаўда аймағымыздағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының 6 жойбары жеңимпаз деп табылып, олар ушын 233 миллион сумлық қаржы ажыратылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның ағзаларын жумысшы топарларға бөлиў, соның менен бирге мәмлекетлик гранттың биринши таңлаўының бағдарларын ислеп шығыў туўралы мәселелер көрип шығылды ҳәм бул бойынша усыныслар билдирилип, ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы