Өзбекстан Республикасы делегациясының Россия Федерациясына рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Т.Норбоева Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы В.Матвиенко менен ушырасты.

Тәреплер мәмлекетлераралық, парламентлераралық қатнасықлардың әҳмийетли тәреплери, өз-ара байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты. Еки мәмлекеттиң Президентлери Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң күшли сиясий ерк-ықрары және айрықша жеке қатнасықларының шарапаты менен еки тәреплеме бирге ислесиў барлық дәрежелерде жедел раўажланып атырғаны  атап өтилди.

В.Матвиенко Өзбекстанда пуқаралардың абаданлығын арттырыў мақсетинде ашық-айдын демократиялық жәмийет  қурыўға қаратылған социаллық-экономикалық тараўда жедел әмелге асырылып атырған өзгерислерди жоқары баҳалады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россияға болажақ сапары мүнәсибети менен жоқары дәрежедеги ушырасыў күн тәртибин мазмун жағынан байытыў бойынша салмақлы жумыслар алып барылмақта. Еки тәреплеме ҳүжжетлердиң үлкен топламы таярланды. Парламентлер оларды әмелде жүзеге шығарыўға үлес қосыўы керек.

Федерация Кеңесиниң Баслығы Өзбекстанның Евразия экономикалық аўқамында (ЕАЭА) бақлаўшы статусын алғанлығын қанаатланыўшылық пенен күтип алды. Бул шөлкем менен өз-ара бирге ислесиў Өзбекстан – Россия қатнасықларына жаңаша түртки беретуғыны атап өтилди.

Ушырасыў даўамында еки мәмлекеттиң парламентлери арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларда аймақлараралық қатнасықларды раўажландырыў мәселери көрип шығылды.

Усы көзқарастан екинши Аймақлараралық бирге ислесиў форумын өткериў әҳмийетли екенлигине итибар берилди.

Сондай-ақ, гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери, «Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшы ҳаяллары менен сөйлесиў» платформасының жумысы көрип шығылды.

Кеңпейиллик мәселесинде Өзбекстанның бай тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда Россия тәрепи  2022-жылдың май айында өткерилетуғын Динлераралық ҳәм миллетлераралық сөйлесиў бойынша Пүткил жәҳән конференциясына таярлық көриў ҳәм оны өткериўде белсене қатнасыўға мирәт етти.

Ушырасыўда Сенат баслығы Т.Норбоева жаслар парламентлери арқалы бирге ислесиўди раўажландырыў мийнет мигрантларының мәплерин қорғаўға жәрдем бериў бойынша жумысларды даўам еттириў және ўатанласларымыз бенен ушырасыў даўамында көтерилген басқа да мәселелерди Олий Мажлис Сенаты ҳәм Федерал Мәжилис Федерация кеңеси арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссия жумысы шеңберинде шешиў ҳаққында тоқтап өтти.

Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси арасында мийнет миграциясы мәселелери бойынша бирге ислесиў ҳаққында  меморандумға қол қойылды.

 

ӨзА