«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетинде «Орайлық Азия: регионаллық өз-ара бирге ислесиўден биргеликтеги турақлы өсиўге» темасында халықаралық сөйлесиў болып өтти.
Экспорт сыртқы саўдада әҳмийетли орынға ийе болып, Өзбекстан ушын экспорт базарларының әҳмийетин көрсетеди. 2020-жылы мәмлекетимиздиң улыўма экспортында Орайлық Азия мәмлекетлериниң үлеси 14,5 процентти қурайды.
Илажда Өзбекстан Республикасының экспорт потенциалының өсиў перспективаларының дәслепки анализи усыныс етилди.
– 2017-2019-жылларда Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери менен товар айланысы дерлик, еки есеге – 2,7 миллиард доллардан 5,2 миллиард долларға шекем артқан, – дейди Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы директорының орынбасары Умид Обидхўжаев. – Атап айтқанда, Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы изертлеўиниң бир бөлеги сыпатында әмелге асырылған орайы изертлеўиниң бир бөлеги сыпатында әмелге асырылған сыртқы саўда гравитациялық модели жәрдеминде экспорт ҳәм импорт ағымларына Регионаллық саўда шәртнамалары (РСШ) дүзилиўиниң тәсирин баҳалаў, РСШда қатнасыў Өзбекстанның экспорт ҳәм импорт көлемин еки есеге арттырыўы мүмкин екенлигин көрсетеди. Алынған эластикалық коэффицинтлери бир қатар әҳмийетли жуўмақлар шығарыўға имканият береди. Коэффициентлер, Регионаллық саўда шәртнамаларында қатнасыў, қалған барлық шәртлер тең болған ҳалда, Өзбекстан экспортының орташа 140,4 процентке артыўына алып келетуғынын көрсетеди.
Илажда атап өтилиўинше, импорт ислеўши мәмлекетлерде өзбек товарларына бажылардың енгизилиўи Өзбекстан экспортына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Орайлық Азия мәмлекетлери тәрепинен ишки базарларға өз-ара кириўди кеңейтиў тийкарынан таяр өнимлердиң экспортын көбейтиў бойынша олар тәрепинен қойылған ўазыйпаларды шешиўге жәрдем бериўи мүмкин, себеби бул мәмлекетлер бәсекилес емес, ал бирлемши болмаған товарлар ушын өз-ара саўда бойынша шериклер болып есапланады.
Атап айтқанда, товар ислеп шығарыўшылардың экспорт имканиятларын арттырыў Орайлық Азия регионында регионаллық баҳа шынжырларын, соның ишинде, санаат ҳәм аўыл хожалығы кластерлерин жаратыўға үлес қосыўы мүмкин, бул болса транзакция қәрежетлерин азайтыўда компенсациялық тәсир көрсетеди.
Экспертлер Орайлық Азия мәмлекетлеринде инфраструктура жойбарларына инвестиция киргизиў орта мүддетли перспективада раўажланыўдың әҳмийетли шәрти екенлигин атап өтти.
Азия раўажланыў банкиниң мағлыўматына бола, Азияда 2030-жылға шекем ҳәзирги экономикалық өсиўди сақлап қалыў ушын 22 триллион долларға шамалас инфраструктура инвестициясы зәрүр болыўы илажда атап өтилди. Бундай инвестициялар, олардың унамлы тиккелей емес тәсири мәмлекет шегараларында тоқтап қалмайды, яғный бул көп тәреплеме пайда келтиретуғынлығы менен әҳмийетли.
Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,
ӨзАның хабаршысы