Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң студентлери Нөкис қаласында жайласқан «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйиниң әтирапын абаданластырыў жумысларында жақыннан жәрдем көрсетти.

– «Биз саўаплы жумысларды ҳәр дайым ислеўде шаршамаймыз» сүрени менен усындай саўаплы әмеллерди ислеўде студент-жаслар белсенди қатнаспақта,-дейди Дене мәденияты факультети деканының орынбасары Н.Досходжаев. – Абаданластырыў жумысларында интернат үйиниң қыйтақ жерлерине мийўели, саяманлы нәллерден отырғызылып, әтирапын тазалаў жумыслары алып барылды.

Меҳир-мүриўбет кѳрсетиў адамгершиликтиң ең ағла пазыйлети болғанлықтан, студент-жасларымызды усындай саўаплы ислерге бағдарлап барыў арқалы жақсы тәрбияға тийкар жаратамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги