Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен қала ҳәм районлардағы тараў хызметкерлериниң қатнасыўында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактикалық семинар өткерилди.

Семинарда Кадастр агентлигиниң комплаенс-қадағалаў хызметиниң баслығы Б.Шамансуров, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тилеуов, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы У.Жалелов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, коррупция менен байланыслы болған жынаятшылықтың қәўипсизликке ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсирлерин атап өтип, тараўда усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, кемшиликлер атап өтилди ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта жер ажыратыў бойынша ҳужжетлерди рәсмийлестириў жумыслары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 28-январьдағы 63-санлы ҳәм 2019-жыл 20-декабрьдеги 1023-санлы қарарларына муўапық  «E-Ijro auksion» онлайн интернет порталы арқалы, яғный, инсан факторысыз, ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырылмақта.

2017-жыл 3-январь күни «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, тийкарғы түсиниклер ҳәм принциплер, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, усы тараўда жумыс алып баратуғын мәмлекетлик уйымлар, мәкемелераралық комиссиялардың ўазыйпалары белгилеп берилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында Кадастр агентлиги тәрепинен де бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, тийисли коррупцияға қарсы гүресиў уйымлары менен бирге ислесиў меморандумлары дүзилди. Тараўға комплаенс қадағалаў хызмети енгизилди. Жер ажыратыў, кадастр хызметлерин көрсетиўде инсан факторысыз ашықлық принциплери тийкарында нормативлик ҳүжжетлердиң қабылланыўы да турмысқа енгизилди.

Яғный, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-сентябрьдеги ПФ-6061-санлы Пәрманы, ПҚ-4819-санлы қарарлары менен бурынғы «Давергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети негизинде, Өзбекстан Республикасы Салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги ҳәм оның қурамындағы мәкеме, шөлкемлер қайта дүзилип, комплаенс хызмети енгизилди.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги