UZCARD ҳәм HUMO төлем системалары арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Ҳүжжет Өзбекстанда нақ пулсыз есап-санақларды жетилистириўге хызмет ететуғын қоспа жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутады. Меморандум шеңбериндеги дәслепки жойбарға бола, компаниялар инфраструктураларының басқышпа-басқыш интеграцияласыўы әмелге асырылады. Бул ҳаққында Орайлық банктиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

2021-жылдың ақырына шекем толем системаларының терминаллары еки түрдеги карталарды да қабыл ете баслайды. Тутыныўшылар саўда ноқатлары қайсы терминалдан пайдаланып атырғанын сорап отырыўға да қәжет жоқ, исбилерменлер болса ҳәр еки картадан да төлемлерди бир терминал арқалы қабыл ете алады.

Сондай-ақ, меморандум шеңберинде компаниялар,

– қарта ийелери, банклер, төлем шөлкемлери ҳәм усақлап сатыў ноқатларының мәплерин қорғаў;

– нақ пулсыз төлемлерди хошаметлеў ушын технологияларды жетилистириў ҳәм инфраструктураны кеңейтиў;

– төлем инфраструктурасының исенимлилиги ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиўге келисип алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги