Forbes журналы дүньяның ең бай адамлары рейтингин жәриялады.
Бул дизимде елеге шекем Amazonның тийкарын салыўшысы Жефф Безос жетекшилик етпекте, оның байлығы бир жылда 64 миллиард долларға көбейип, 177 миллиард долларға жетти.
Кейинги орынды америкалы исбилермен Илон Маск ийеледи. Бир жыл ишинде оның байлығы 126,4 миллиард долларға көбейип, 151 миллиард долларды қурады. Tesla электромобильлер ислеп шығарыўшысы акцияларының өсиўи есабынан бизнесменниң байлығы күнине 6 миллиард долларға көбейгени ҳаққында хабарлар тарқалды.
Бернард Арно күшли үшликтен орын алды. Ол Louis Vuitton ҳәм Sephora сыяқлы 70 брендтен ибарат империяны басқарады. Исбилерменниң байлығы бир жыл ишинде 74 миллиард долларға көбейип, 150 миллиард долларға жетти.
Кейинги орынлардан Microsoftтың тийкарын салыўшысы Билл Гейтс (124 миллиар доллар: +26 миллиард доллар), Facebookтың тийкарын салыўшысы Марк Цукерберг (97 миллиард доллар: +42,3 миллиард доллар), Berkshire Hathawayдың бас директоры Уоррен Баффет (96 миллиард доллар: +28,5 миллиард доллар), Oracleниң тийкарын салыўшысы Ларри Эллисон (93 миллиард доллар: +34 миллиард доллар), Googleдиң тийкарын салыўшылары Ларри Пейж (91,5 миллиард доллар: +40,6 миллиард доллар) ҳәм Сергей Брин (89 миллиард доллар: +39,9 миллиард доллар) орын алған.
Ҳиндстанлы исбилермен, Reliance Industries кеңес баслығы Мукеш Амбани 84,5 миллиард доллар (+47,7 миллиард доллар) менен дәслепки онлықты жуўмақлап берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги